Суд ҳәм нотариуслардың бирге ислесиўи беккемленбекте

147

Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў – ҳәр қандай демократиялық мәмлекеттиң тийкарғы қәдирияты.

Конституция ҳәм нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқықларды әмелде тәмийинлеўде суд ҳәм нотариат системалары әҳмийетли орын ийелейди. Олар пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў, әдилликти орнатыў ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўда бир-бирин толықтыратуғын әҳмийетли система болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Өзбекстан Нотариал палатасы арасында 2025-жыл 4-сентябрь күни қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы Келисим бул бағдардағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты.

Ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети – суд ҳәм нотариуслар арасындағы өз-ара байланысларды беккемлеў, әмелиятта ушырасып атырған машқалаларды таллаў ҳәм нызамшылықты жетилистириў бойынша биргеликтеги усыныслар ислеп шығыўдан ибарат.

Усы Келисимниң орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы судында “Пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўды тәмийинлеўде суд ҳәм нотариаттың бирге ислесиўи” атамасында дөгерек сәўбети болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев, Нотариал палатасының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы З.Яхипов, пуқаралық ислери бойынша судьялар ҳәм жеке меншик әмелияттағы нотариуслар қатнасты.

Илажда суд ҳәм нотариат системаларының өз-ара бирге ислесиўи пуқаралардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда қандай орын ийелеп атырғаны ҳаққында пикир алысылды. Сондай-ақ, Конституцияда белгиленген еркинлик, теңлик ҳәм кеңпейиллик принциплери, мүлк ҳуқықының қол қатылмаслығы, мийрас ҳуқықын рәсмийлестириў, турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықлары сыяқлы мәселелерде әмелий мысаллар тийкарында додалаўлар алып барылды.

Анық усыныс сыпатында нотариал процесслерди санластырыў, пуқаралар ушын электрон хызметлер шеңберин кеңейтиў ҳәм суд-нотариус бирге ислесиўин бирден-бир мәлимлеме системасы тийкарында шөлкемлестириў мәселелери алға қойылды.

Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар арасында қызғын сораў-жуўаплар болып өтти. Додалаўлар даўамында суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин беккемлеп атырғаны атап өтилди.

Илаж соңында келешекте бундай сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў майданларын турақлы шөлкемлестириў, нызамшылық ҳәм әмелий жумыс тәжирийбесиндеги машқалаларды биргеликте шешиў бойынша усыныслар берилди.

ӨзА