Ири кәрханалар тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды қаплаў системасы жетилистириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан экономикасы ушын системалы әҳмийетке ийе ири кәрханалар тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды қаплаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Ири кәрханалар менен байланыслы қәўип-қәтерлерди басқарыў бойынша муўапықластырыўшы комиссия дүзиледи.
Төмендегилер Муўапықластырыў комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленди:
айрықша мониторингти талап етиўши системалы әҳмийетке ийе ири кәрханалар дизимин тастыйықлаў;
ири қарыздарлар тәрепинен тартылып атырған банк кредити ямаса сыртқы қарыз есабынан қаржыландырылыўы усыныс етилип атырған жойбар бойынша усынысларды көрип шығыў;
банк кредити ямаса сыртқы қарызларды тартыўды мақуллаў ямаса бийкарлаў бойынша қарарлар қабыл етиў ҳәм усы қаржылар есабынан қаржыландырылған жойбарлардың нәтийжелилигин үйрениў;
ири қарыздарлардың финанслық жағдайын турақлы мониторинг етиў ҳәмде финанслық жағдайы жаманласқанда оларды финанслық саламатландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
Қарар менен:
Ири қарыздарлар менен байланыслы рисклерди басқарыў бойынша муўапықластырыўшы комиссия қурамы;
Өзбекстан экономикасы ушын системалы әҳмийетке ийе ири кәрханалар тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды тартыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
2026-жыл 1-январьдан баслап ири қарыздарлар тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды тартыў, олардан пайдаланыў ҳәм олардың муғдарын оптималластырыўды мониторинг етиўдиң төмендеги механизмлери енгизиледи:
ири қарыздарларды олардың финанслық жағдайына бола “төмен қәўипли,” “орташа қәўипли” ҳәм “жоқары қәўипли” топарларға ажыратыў ҳәм усы категориялардан келип шыққан ҳалда, оларға банк кредити ҳәм сыртқы қарыз ажыратыў тәртибин белгилеў;
Муўапықластырыў комиссиясы тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызлар бойынша ири қарыздарлар миннетлемелериниң орынланыўы бойынша дәўирлик мониторингти әмелге асырыў;
ири қарыздарлардың жыл жуўмағы бойынша финанс-хожалық жумысын халықаралық аудиторлық тармақларына ҳәм халықаралық ассоциацияларға ағза болған аудиторлық шөлкемлер тәрепинен аудиторлық тексериўден өткериў, усы қарар қабыл етилген сәнеден алдын таңлап алынған аудиторлық шөлкемлер буған кирмейди;
нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда, ири қарыздарлардың финанслық қарызлары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерин ўәкилликли уйымларда экспертизадан өткериўде Муўапықластырыў комиссиясының финанслық қарызды тартыў бойынша унамлы жуўмағы ямаса оның хабардар етилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер усынылғаннан кейин әмелге асырыў;
ири қарыздарлардың банк кредити ҳәм сыртқы қарызлары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлар, сыртқы қарыз келисимлери ҳәм кредит шәртнамалары бойынша миннетлемелериниң орынланыўы менен байланыслы болған мағлыўматларды ҳәр шеректиң жуўмағы менен Муўапықластырыў комиссиясының жумысшы уйымына усыныў;
Муўапықластырыў комиссиясының тийисли жумысшы уйымы тәрепинен ири қарыздарлардың әмелдеги сыртқы қарыз келисимлери ҳәм кредит шәртнамаларының финанслық шәртлерине (ковенантларына) әмел етилиўин мониторинг етиў;
ири қарыздарлардың финанслық жағдайы жаманласып, олар тәрепинен тартылған финанслық қарызлар бойынша келисимлер шәртлери зәрүр дәрежеде орынланбаған жағдайда, Муўапықластырыў комиссиясының қарыздарларға байланыслы усы қарар менен белгиленген ўәкиллик шеңберинде тийисли илажларды нәзерде тутатуғын қарарды қабыл етиўи;
Муўапықластырыўшы комиссия тастыйықлаған айрықша мониторингти талап етиўши системалы әҳмийетке ийе ири қарыздарлар дизимине киргизилген ири қарыздарлар тәрепинен ҳәр шереклик финанслық есабатларды усыныў талабын орнатыў;
жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер түриндеги ири қарыздарлар тәрепинен банк кредитлери ҳәм сыртқы қарызларды тартыўға олардың шөлкемлестириў-ҳуқықый формасын акционерлик жәмийетлерине өзгерткен ҳәм жумысын акционерлик жәмийетлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық шөлкемлестирген жағдайларда руқсат бериў.
ӨзА