Ишки ислер министри Халықаралық полиция саммитинде қатнасты

Сеул қаласында Корея Республикасы Миллий полиция агентлиги тәрепинен бесинши Халықаралық полиция саммити шөлкемлестирилди. Полиция уйымлары арасында дәстүрий тәризде шөлкемлестирилип киятырған ең ири илажлардан бири болған бул саммитте 30 дан аслам шет мәмлекетлердиӊ 90 нан аслам ўәкили қатнасты.
Саммитте Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри Азиз Тошполатов басшылығындағы делегация да қатнасты.
Саммит қатнасыўшылары дүньяда жүз берип атырған қәўетерли процесслерде полицияға байланыслы келешектеги бағдарларды белгилеў, санлы трансформация дәўиринде келешектеги полиция жумысындағы машқалаларды анықлаўға итибар қаратты.

Соның менен бирге, инновациялық сиясат ҳәм көзқарасларды додалаў, дүнья полиция жәмийетшилиги менен өз-ара еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў және келешекте жәмийет ушын сәйкес келетуғын полиция стратегиясын жаратыў ушын интеграцияласқан идеяларды ислеп шығыў ҳаққында сөз болды.
Саммит шеңберинде Ишки ислер министри Азиз Тошполатов Миллий полиция агентлиги Бас комиссары ўазыйпасын атқарыўшы Ю Же Сонг пенен сөйлесиў өткерди.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан Ишки ислер министрлиги ҳәм Корея Миллий полиция агентлиги арасындағы байланыслардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм кадрлар таярлаў сыяқлы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына байланыслы мәселелер додаланды.
Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен саммит шеңберинде мәмлекетимиз делегациясы Корея ҳәм басқа да бирге ислесиўши мәмлекетлердиң полиция уйымлары менен байланысларды беккемлеў бағдарында тийисли ўазыйпаларды белгилеп алды.
Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген Корея Республикасы Миллий полиция агентлиги дүзилгениниң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж, «Korea Police world Expo-2025» көргизбесине де барылды. Көргизбе шеңберинде кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлимлериниң жумысы, заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм полиция тараўында енгизилген алдынғы инновациялар менен жақыннан танысты.
Сапар етиў даўамында делегация ағзалары Корея Миллий полиция университетиниң жумысын үйренди. Кадрлар таярлаў, оқытыў ҳәм маманлық арттырыў системасы, тараўға байланыслы алдынғы тәжирийбелер ҳаққында пикир алысылды.
Корея полициясының тәжирийбесин үйрениў мақсетинде мәмлекетимиз делегациясы Сеул қалалық полиция агентлиги Авиция бөлиминиң жумысы менен танысты. Бул бөлимше жәмийетлик тәртипти сақлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайларда дронлар, полиция вертолётлары ҳәм басқа да авиация қуралларын қолланыў менен шуғылланады.
Бул илажлар жәҳән полиция шөлкемлери арасында тәжирийбе алмасыў, инновациялық көзқарасларды үйрениў ҳәм қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Н.Абдураимова, ӨзА