Түркия ҳәм Бирлескен Патшалық 9 миллиард евролық шәртнамаға қол қойды

69

Анқара ҳәм Лондон 20 “Eurofighter Typhoon” қырыўшы самолётларын сатып алыў бойынша 9 миллиард евро баҳасындағы келисимге қол қойды, деп хабар бермекте “Euronews” басылымы.

Келисимге Британия бас министри Кир Стармердиң Түркияға дәслепки сапары ўақтында қол қойылды. Ол Президент Режеп Таййип Эрдоған менен биргеликте мәресимде қатнасты.

– Биз Европаның қарама-қарсы тәреплеринде жайласқанбыз, бирақ бүгин ҳәр қашанғыдан да жақын шериклеримиз, – деди Стармер. – Бул ҳүжжет НАТО қәўипсизлигин беккемлейди, қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўимизди тереңлестиреди ҳәм еки мәмлекет экономикасына пайда келтиреди.

Рәсмий адамлардың сөзлерине бола, келисим Уллы Британияда 20 мың жумыс орнын сақлап қалады ҳәм келешекте Түркияға қосымша самолётлар сатыў имканиятын да береди.

Эрдоған бул келисимди “еки жақын аўқамлас мәмлекет арасындағы стратегиялық байланыслардың жаңа белгиси” деп атады.

Мағлыўмат орнында: “Eurofighter” самолётларын Уллы Британия, Германия, Италия ҳәм Испания биргеликте ислеп шығады. Жойбар Бирлескен Патшалықтың “BAE Systems” компаниясы тәрепинен басқарылады. ГФР жақында Түркияға бул самолётларды сатыўға қойылған узақ жыллық ветоны бийкар еткен еди.

Анқара сондай-ақ, Қатар ҳәм Оманнан 24 “Typhoon” самолётын сатып алыўды режелестирмекте. Соның менен бирге, мәмлекет АҚШ басшылығындағы Ф-35 бағдарламасына қайтыўды мөлшерлемекте. Түркия 2019-жылы Россиядан С-400 қорғаныў системасын сатып алғаны ушын бул бағдарламадан шығарылған еди.

Мусулмон Зиё, ӨзА