Аўыр жүк тасыўшылар ушын жаңа тәртип: руқсатсыз ҳәрекет енди қымбатқа түседи

109

Кейинги жыллары мәмлекетимизде жүк тасыў көлеминиң артып барыўы менен бир қатарда, аўыр тонналы транспорт қуралларының жолларға көрсетип атырған унамсыз тәсири де күшеймекте. Нәтийжеде, автомобиль жолларының тез истен шығыўы, ҳәрекет қәўипсизлигиниң төменлеўи сыяқлы машқалалар жүзеге келмекте.

Сонлықтан, ҳүкимет тәрепинен аўыр ҳәм ири көлемли жүк тасыўшылардың ҳәрекетин тәртипке салыў және жол инфраструктурасының узақ мүддет хызмет етиўин тәмийинлеў мақсетинде жаңа тәртип енгизилди.

Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 28-октябрьдеги 710-санлы қарарына бола, руқсатысыз ямаса белгиленген нормалардан артық жүк пенен ҳәрекетленген транспорт қураллары жол қапламасына жеткерген зыянды төмендеги муғдарларда қаплайды:

50 тоннаға шекем – базалық есаплаў муғдарының 30 проценти;

80 тоннаға шекем – 1 есе;

80 тоннадан артық – 3 есе муғдарында, ҳәр бир басып өтилген километр ушын.

Егер басып өтилген аралықты анықлаў мүмкин болмаса, зыян 200 километр ушын есапланады.

Жаңа тәртипке бола, жолларға жеткерилген зыян Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт қадағалаўы инспекциясы ҳәм Автомобиль жоллары комитети тәрепинен өндириледи.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, аўыр жүк артылған транспорт қуралларының артып баратырған ҳәрекети автомобиль жолларының тезирек ҳәрекетлениў ушын жарамсыз жағдайға келип қалыўына себеп болмақта. Сонлықтан, жаңа система жолларды сақлаў, олардың хызмет мүддетин созыў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Ҳамроз Баянов, ӨзА