Аўғанстан тоқымашылық кәрханалары Өзбекстанның жәрдеминде тикленеди

103

Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында саўда-экономикалық қатнасықларды кеңейтиў, жеке меншик сектор байланысларын беккемлеў ҳәм ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық, избе-из жумыс алып барылмақта.

Усы мақсетте мәмлекетимиз Саўда-санаат палатасы ҳәм “Аўған текстиль корпорациясы” мәмлекетлик кәрханасы арасында елимизде жумысы тоқтап қалған айырым тоқымашылық кәрханаларын Аўғанстан аймағында локализациялаў ҳаққында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжет тийкарында дәслепки инвентаризациялаў ҳәм жойбарлаў жумыслары нәзерде тутылған.

Белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде 18-23-октябрь күнлери Өзбекстан Саўда-санаат палатасының хызметкери З.Норматов ҳәм тараўдың маман қәнигелеринен ибарат делегацияның Аўғанстанға хызмет сапары шөлкемлестирилди.

Сапар даўамында Парвон ўәлаяты Гүлбәҳәр районы ҳәм Қандаҳәрдеги текстиль фабрикалары, Қабул қаласындағы тигиўшилик цехы, Балх ўәлаяты Мозори-Шариф ҳәм Пули-Хумри қалаларындағы тоқымашылық кәрханалары үйренилди.

Имаратлардың ҳәзирги жағдайы, технологиялық үскенелер ҳәм инфраструктура имканияты баҳаланып, дәслепки жойбарлаў ушын зәрүр техникалық-экономикалық мағлыўмат топланды.

Ҳәзирги ўақытта экспертлер бар мағлыўматларды қайта ислеп, таллап атыр. Бул процесс Аўғанстандағы кәрханаларды тиклеў ҳәм иске қосыў бойынша анық усыныслар ислеп шығыўға хызмет етеди.

 

М.Пирматова, ӨзА