«Футболымыз келешеги сениң қолыңда» – жас талантлар майданда күш сынасты

Нөкис қаласында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан футбол ассоциациялары, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм тийисли шөлкемлердиң шөлкемлестириўи менен республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Футболымыз келешеги сениң қолыңда» сүрени астында футбол жарысы өткерилди.
Жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды футболға кеңнен тартыў, қәбилетли оқыўшыларды анықлаў ҳәм олардың келешектеги профессионал раўажланыўына беккем тийкар жаратыў мақсетинде өткерилген бул жарысқа қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, 1-4-класс оқыўшылары арасында биринши орынды Хожели районы командасы жеңип алған болса, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары командаларына несип етти.
5-8-класс оқыўшылары арасында өткерилген жарыста болса, Шымбай районы командасы бас сыйлықты жеңип алды. Гүмис ҳәм қола медальларын болса, Мойнақ ҳәм Нөкис районлары жаслары жеңип алып алды.






– Мектебимиз оқыўшылары спорттың миллий гүрес, бокс, шахмат-шашка, футбол, жеңил атлетика түрлери бойынша турақлы түрде шуғылланып, район ҳәм республика көлеминде өткерилип киятырған жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте, – дейди Шымбай районындағы 17-санлы мектеп директорының орынбасары Султанбай Абдуллаев. – Атап айтқанда, миллий гүрес бойынша 2010-2011-жыллары туўылған оқыўшылар арасында өткерилген Қарақалпақстан чемпионатында Гүлзийба Балтабаева ҳәм Дийдар Балтабаевлар алтын, Бегзат Кеңесбаев ҳәм Бекназар Бийсенбаевлар қола медальларын жеңип алып, 4-7-ноябрь күнлери Хорезм ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатына қатнасыў жолламасына ийе болды. Ал, бүгин болса, денетәрбия муғаллими Алпысбай Дәўекеев таярлаған оқыўшыларымыз Қарақалпақстанда биринши орынды жеңип алмақта. Бул мектебимиз жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөледи. Буның ушын командамыз тренери ҳәм оқыўшыларға үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары бул оқыўшылар арасынан елимизге белгили спортшылар өсип жетилисетуғынына беккем исенемен.
Өткерилген жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы