Жаңа спорт зал ашылды

109

Нөкис районындағы «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны соңғы жыллары пайда болған елат болып, бул жерде көплеген жаңа үлгидеги үйлердиң салыныўы менен жылдан-жылға халық саны көбейип бармақта.

Халқымыз арасында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм өсип киятырған жас әўладтың спорт пенен шуғылланыўына қолайлы шараятлар жаратып бериў мақсетинде, усы елатта 2022-жылы «GULAIM JUDO CLUB» дзюдо клубы өз жумысын баслаған еди.

Бул спорт клубында ҳәзирги күнлери 150 ге шамалас жас спортшылар пүткил елимизге белгили палўанлардан Ерназар Сарсенбаев, Гүлайым ҳәм Перида Жумабаевалардың қол астында шуғылланып атыр. Спорт клубына тек ғана усы аймақтан емес, ал, қоңсылас аймақлардан дзюдоға кызығыўшы жас спортшылар қатнасып, аймақ жаслары республикамыз көлеминде өткерилген көплеген спорт жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.

Атап айтқанда, спорт клубының  тәрбияланыўшыларынан  Нурислам  Мирзалиев, Атабек  Мухашев, Алпамыс Нийетбаев , Шахсанем Есполова, Наргиза Абатбаевалар  Қарақалпақстан  ҳәм Өзбекстан көлеминдеги жарысларда  сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.

Аймақ жасларының дзюдоға деген қызығыўшылығын инабатқа алып, олардың бул спорт түри менен шуғылланыўына еле де қолайлы шараятлар жаратып бериў мақсетинде, клуб шөлкемлестириўшилери «28-октябрь – Халықаралық дзюдо куни» мүнәсибети менен «GULAIM JUDO CLUB» клубының 2-спорт залын ашыўға еристи.

«28-октябрь – Халықаралық дзюдо күни» мүнәсибети менен клубтың екинши қосымша спорт залының  ашылыў мәресими өткерилип, оған аймақ турғынлары, спорт ветеранлары ҳәм жаслар қатнасты.


Онда Қарақалпақстан Республикасы спорт министри Еркинбай Қутыбаев  ҳәм басқалар илаж қатнасыўшыларын жаңа спорт залдың ашылыўы менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында жаслардың спорт пенен шуғылланыўына кең имканиятлар жаратылғанын, буның нәтийжесинде мәмлекетимиз спортшылары халықаралық жарысларда үлкен табысларды қолға киргизип атырғанын айтып өтти ҳәм бул спорт клубынан да келешекте пүткил дүньяға белгили Олимпиада чемпионлары өсип жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

“GULAIM JUDO CLUB” тийкарын салыўшы Гүлайым Жумабаева ҳәм оның иниси Ерназар Сарсенбаевлар дзюдо бойынша өткерилген жәҳән кубогиниң сыйлы орын ийелери, әжапасы  Перида Жумабаева ҳәм сиңлиси Индира Жумабаевалар Азия чемпионатының сыйлы орын ийелери болып есапланады.

– Мен усы аймақта жайласқан 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң  7-класс окыўшысыман, – дейди клуб тәрбияланыўшыларынан бири Атабек Мухашев. – Дзюдо  менен 2 жылдан берли тренерим  Гүлайым Жумабаеваның қол астында шуғылланып киятырман. Усы күнге шекем Қарақалпақстан  чемпионатында бир неше мәрте жеңимпаз ҳәм Өзбекстан көлеминде өткен жарысларда сыйлы орынларды ийеледим.  Спорт клубымызда спортшылардың гүрес пенен шуғылланыўы ушын барлық қолайлықлар  жаратылған. Буның ушын клуб басшыларына үлкен рахмет айтаман.

Салтанатлы мәресимде имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар спорт залдағы шараятлар менен жақыннан танысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы