Китап – бийминнет устаз

102

Уллы ойшыл шайыр Әлийшер Наўайы китапқа мине усындай сыпатлама берип, оны билим ҳәм руўхый раўажланыўға ерисиўдиң ең тийкарғы дереги, деп тән алған еди.

Халқымыздың бир неше мың жыллық тарийхы ҳәм еки ояныў дәўиринде де дүнья илиминиң, цивилизациясының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшылларымыздың өмири, илимий-дөретиўшилик жумысында китаптың қаншелли әҳмийетли орын ийелегенин жақсы билемиз. Әйне, олардың бай руўхый мийрасы да өзлери жаратқан ҳәм пайдаланған китаплары арқалы бизге шекем жетип келген, әсирлерден әсирлерге өтип, инсанияттың турмысын сәўлелендирип келмекте.

Бүгинги жедел дәўирде турмысымызға заманагөй мәлимлеме технологиялары жедел кирип келип, тек ғана илим ҳәм билимлендириў тараўларында емес, ал күнделикли турмысымыздың барлық тараўларында да жедел қолланылмақта. Бул тәбийғый, әлбетте. Себеби, ҳәзирги ўақытта раўажланыўды заманагөй мәлимлеме технологияларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Бирақ, мине, усы қолайлық ҳәм имканиятларды дурыс бағдарлай алсақ, олардан нәтийжели пайдалана алсақ, бул арқалы китапқумарлықты да кеңнен үгит-нәсиятлаў, китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы китап оқыған, өз үстинде ислеген адамда қанат болатуғынын атап өтип, ол бийпәрўа болмайды, күшли, билимли болады, деп атап өтеди. Соның ушын балаларымызды бақша жасынан, баслаўыш класслардан кишигирим китапларға үйретиў, сол арқалы оларды китапқумар етип тәрбиялаў зәрүр, деген еди.

Ҳақыйқатында да китапқумарлық – инсан мәнаўиятының айнасы есапланады. Китап оқыған инсан еркин пикирлейди, дүнья қарасы кеңейеди, ақылы жетик болады, мәнаўияты қәлиплеседи. Егер пүткил халық китапқумар болса ше? Бундай халық, миллет уллы ислерге уқыплы болады, мәнаўияты сыяқлы мәмлекети де раўажланады, жоқарылайды.

Мине, соның ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысының дәслепки жылларында-ақ бул мәселеге айрықша итибар қаратты. Бул бағдарда мәмлекет басшысының өзи үлги болды, сырт мәмлекетлерге сапарлары даўамында сол халықтың әдебиятының бийбаҳа шығармалары аўдарылған китапларды мәмлекет жетекшисине саўға етиўи дәстүрге айланды, елимизге келетуғын абырайлы мийманларға да ең қәдирли саўға сыпатында китаплар берилмекте. Мине, усы Президентимиздиң басламасы менен түркий халықлар әдебиятының 100 томлық бийбаҳа дүрдана шығармалары басып шығарылды.

Китап ҳәм китапқумарлық мәденияты ҳаққында сөз болғанда, Президентимиздиң 2017-жыл 13-сентябрьде қабыл етилген “Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында”ғы қарарын айрықша атап өтиў зәрүр.

Усы қарар менен тастыйықланған комплексли илажлар бағдарламасында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар, соның ишинде, мәлимлеме-китапхана жумысын күшейтиў, билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайларының китапхана фондлары, китапханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң “Руўхыйлық ханалары”н оқыў-методикалық, техникалық әдебиятлар, әдебий-көркем, ағартыўшылық ҳәм илимий-ғалабалық китаплар менен байытыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, Өзбекстан Миллий китапханасы ҳәм мәлимлеме-китапхана орайларындағы барлық түрдеги мәлимлеме-китапхана ресурсларының бирден-бир базасын қәлиплестириў ҳәм оннан басқа да мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде турып пайдаланыўды тәмийинлеў, аўыл халқына китапхана хызметин көрсетиў системасын шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген еди. Усы қарар менен китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға байланыслы үгит-нәсиятлаў жумысларын системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, бул бағдарда китапқумарлар, китапханашы ҳәм үгит-нәсиятлаўшылар арасында “Ең китапқумар мектеп”, “Ең китапқумар мәҳәлле”, “Ең китапқумар шаңарақ”, “Ең белсенди китапханашы” сыяқлы таңлаўларды өткериў жолға қойылды.

Бүгин бул ўазыйпалар турмыста өз көринисин таўып атырғанын, санап өтилген таңлаўлар жаслардың, улыўма, китапқумар халқымыздың дәстүрий таңлаўларына айланғанын көрип турмыз.

Жаңа Өзбекстанда халқымыздың китапқумарлық мәдениятын жоқарылатыў ҳәрекети енди басланып атырған ўақытта мәмлекетимиз басшысы “халықтың, әсиресе, жаслардың китапқа меҳирин арттырыў ушын, керек болса, машина берип, китап оқыўға үйретемиз” деп атап өткен еди. Бул тек ғана шақырық емес екенлигин бүгин халқымыз жақсы биледи, ҳәр жылы республикамызда “Жас китапқумар”, “Китапқумар шаңарақ” таңлаўларының жеңимпазлары Президент саўғасы сыпатында автомашина менен сыйлықланбақта.

Самарқанд ўәлаяты Ургут районының Дийқанабад мәҳәллесинде Олий Мажлис Сенатының ағзасы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы, белгили жазыўшы ҳәм шайыр, публицист Абдусаид Кўчимовтың китапханасы ашылды.

Елимизде соңғы жыллары халқымыздың китапқумарлық мәдениятын арттырыў, китап оқыўға қызығыўшылығын күшейтиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиз халықтың, әсиресе, жаслардың китапқа меҳирин арттырыўға айрықша итибар қаратып, “керек болса, машина берип, халқымызды китап оқыўға үйретемиз”, деген пикирлери бүгин өз нәтийжесин бермекте. Республикамызда “Жас китапқумар”, “Китапқумар шаңарақ”, “Китапқумар мәҳәлле” сыяқлы таңлаўларды өткериў дәстүрий түрге енип, жеңимпазлар Президент саўғасы сыпатында автомашина менен сыйлықланбақта. Абдусаид Кўчимовтың басламасы ҳәм Ургут районы ҳәкимлигиниң жәрдеминде шөлкемлестирилген бул китапхана да мине усы ийгиликли ислердиң және бир айқын көриниси болды.

– Бул китапхананың жаратылыў тарийхы қызық болған, – дейди Абдусаид Кўчимовтың класслас достысы, көп жыллар билимлендириў системасында мийнет еткен мийнет ветераны Қуддус Асқаров. – Бир күни китап ҳәм китапқумарлық мәденияты ҳаққында сөйлесип отырғанымызда” итибар берип атырсыз ба, жора, Президентимиздиң қәлегениндей, жасларымыздың китапқа мүнәсибети бираз өзгерди, китап оқыўшылар көбейди, китапханалар толып қалды, – деди ол. – Жақсы билесиз, мениң жеке китапханамда да 10 мыңнан аслам китап бар. Оларды өзим жыйнағанман, перзентлерим алып келген, саўға еткен. Қәнекей, бул ғәзийнеден басқалар да пайдаланса. Ҳәр сапары аўылға барғанымда мектепке, ағайин-туўғанларыма саўға сыпатында алып бараман, қоңсы-қобаларға китапларды алып барып оқың, деймен. Келгени келип алады, бирақ үйге китап сорап келиўге тартынатуғынлар да бар ғой” деп қалды. Сол сөйлесиў ўақтында китапларды мектепке, қандай да бир китапханаға тапсырыў ямаса адамларға бөлип бериўди де сөйлестик, бирақ бир шешимге келе алмадық. Бир неше күннен кейин ярым ақшамда Абдусаид телефон етип қалды ҳәм “китапларды не қылыўдың жолын тапқандайман” деди. Хош, айтыңызшы, қандай жол екен, деп сорадым. “Жақсы билесиз, аўылдағы ата-анамнан қалған үйден ҳеш ким пайдаланбайды. Мен ҳәм балаларым да пайтахтта жасап атырмыз, ҳәр ўақытта бир аўылға барғанымызда да туўған-туўысқан, дос-яраның мийманшылығынан артпаймыз.

Усы үйдиң орнында бир китапхана шөлкемлестирсек ше. Китапларды жайластырамыз, ҳәм мәҳәллемиз, Ургут ушын және бир китапхана пайда болады”, деди. Дурыс, бул пикир мениң де кыялымнан өткен еди, бирақ достыма үйин китапхана ет деп айтыўға уялып тур едим. Оның сөзин еситип, көзимнен жас шығып кетти ҳәм “егер сиз сондай жақсы нийет еткен болсаңыз, бул истиң басында өзим турайын, дедим. Соның менен китапхана шөлкемлестириў ҳәрекетин басладық. Нийетимизден Ургут районы ҳәкимлиги басшылары хабардар болғаннан соң, олар бул басламаны қоллап-қуўатлады. Исбилермен ҳәм китапқумарлар бизге қосылды, мәҳәлле жәрдем берди. Усы тәризде еки жыл ишинде ески ҳәўлиниң орнында мине усы көркем китапхана бой тикледи.

Дөретиўши өзиниң жеке китапханасындағы китаплардан ҳәм өзиниң жигирмадан аслам шығармаларынан басқалар да пайдаланыўын қәлеп, бул ийгиликли исти баслаған еди. Жақсы нийетти қоллап-қуўатлаўшылар ҳәм бул мақсетке үлес қосыўды қәлеўшилер көбейди ҳәм он мыңға шамалас китап жыйналды.

Ең әҳмийетлиси, Өзбекстан Миллий китапханасы бул ағартыўшылық дәргайын да өз тармағына қосып, ургутли китапқумарлардың мәмлекетимиз бас китапханасы фондындағы шығармалардан онлайн пайдаланыўына имканият жаратты.

Наўайы кән-металлургия комбинаты болса китапхананы заманагөй компьютерлер менен тәмийинлеп, интернет арқалы Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технология университети китапханасы менен байланыстырды.

Мәҳәлледе китапхана шөлкемлестирилиўинен қуўанған ҳәм бул басламаның ғалаба ен жайдырылыўын қәлеген Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы да китапхана ушын онлаған компьютер топламын саўға етти.

Жаңа китапхананың ашылыў мәресиминде елимиздиң белгили илимпаз ҳәм зыялылары, дөретиўшилер, депутат ҳәм сенаторлар, китапқумарлар қатнасты.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Ҳусан Тўхтаев, Самарқанд мәмлекетлик университетиниң ректоры, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Рустам Холмуродов, “Халқ сўзи” ҳәм “Народное слово” газеталарының бас редакторы Ўткир Раҳмат, “Тасвирий ойина” дөретиўшилик аўқамының басшысы Исфандиёр Латипов ҳәм басқалар халқымыздың китапқумарлық мәдениятын арттырыў бағдарындағы жумысларды атап өтип, устаз дөретиўши Абдусаид Кўчимовтың бул басламасы да халық арасында китап үгит-нәсиятлаўды ғалаба ен жайдырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

– Абдусаид Кўчимов тек ғана қәлеми өткир журналист ҳәм жазыўшы емес, ал жүрегинде ели, халқы, әсиресе, жаслардың тәғдири ушын қайғыратуғын шын мәнәўият пидайысы, – дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо. – Дөретиўшиниң өзи туўылып өскен аўылында шөлкемлестирген китапханасы да бул пикиримизди тастыйықлайды. Бул жерде ағартыўшылықтың руўхы, устаз сөзиниң нәпеси ҳәм ибраты бар. Жаслар бул жерге тек ғана китап оқыў ушын емес, ал өз үстинде ислеў, турмыста дурыс жол табыў ушын да келеди. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы бул китапхананы аўқам тәрепинен басып шығарылған китаплар менен тәмийинлеп барыўды өз жуўапкершилигимизге аламыз.

Китапхананың ашылыўында қатнасқан мийманлардың барлығы бул илаж өзине тән ибрат сабағы болғанын атап өтти ҳәм дөретиўшилердиң көпшилиги усындай китапхана шөлкемлестириўге бел байлады.

– Устазымыз Абдусаид Кўчимов жоқары қәбилет, бай билим ҳәм тәжирийбеге ийе болса да, жүдә кишипейил, ҳақ кеўил, халықшыл инсан, – дейди “Ишонч” ҳәм “Ишонч-доверийе” газеталарының бас редакторы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Ҳусан Эрматов. – Мен ол инсан менен бирге ислесиў процесинде, ҳәзирги ўақытта да усындай инсаныйлық пазыйлетлериниң көп гүўасы болғанман, өзим ушын жуўмақлар шығарғанман. Өзи туўылып өскен аўылда усындай көркем ағартыўшылық орайын шөлкемлестиргени де Абдусаид ағаның ким екенлигин, қандай мақсет-ойлары бар екенлигин көрсетип тур. Бул жерде үлкен, салтанатлы турақ жай да қурыў мүмкин еди, усындай жол тутқанда да устазға ҳеш ким қарсылық билдирмес еди. Бирақ бул инсан мәҳәлле жаслары, ургутлилер көбирек китап оқысын, ағартыўшы болсын, деп усы ийгиликли иске қол урған екен, буннан тек қуўаныў, үйрениў, үлги алыў керек, деп ойлайман. Жеке өзимде де бүгин мине усындай китапхана шөлкемлестириў тилеги туўылды.

Ургут районының ҳәкими Дилмурод Саидқулов районнан көплеген дөретиўшилер, шайыр ҳәм жазыўшылар жетисип шыққанын атап өтип, район ҳәкимлиги олардың да халқымыздың мәнаўиятын арттырыўға хызмет ететуғын бундай басламаларын қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Ғолиб Ҳасанов,

ӨзАныӊ хабаршысы