Шанаш – терини көркемлеп қайта ислеўдиң әжайып үлгиси
130

Шанаш – узын трапеция көринисиндеги териден исленген нағыслы қалташалар. Олар бузаўдың терисине көркемлеп ислеў бериў арқалы тигиледи. Узынлығы 90-92 сантиметр, ени 26 сантиметр болып, аўыз тәрепи ҳәр қыйлы реңдеги жипек сабақлар менен кестеленеди. Ушлары пөпеклер менен безелген. Аўзындағы баўы жәрдеминде қара үйдиң керегесине қыстырып қойылған.
Шанашқа сөк, ун, жарма, қуўырылған тары усаған азықлық затлар салып қойылған. Шанаштың алды тәрепине жуқа тери ямаса ушығадан геометриялық ҳәм шақ тәризли нағыслар тигилген.
Шанаштың бир үлгиси Россия Этнографиялық музейинде сақланып келинбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги