Өзбек, қырғыз ҳәм тәжик шегараларына байланыслы шәртнама ратификацияланады

Тарийхый, мәдений тамырлары бирдей болған өзбек, қырғыз ҳәм тәжик халықлары бирге жасап, өз-ара туўысқанлық байланыслары раўажланып келмекте.
Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Республикалары арасында үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан ноқат ҳаққындағы шәртнама ратификацияланбақта.
Бул мәселе Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Халық демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде додаланды.

Атап өтилиўинше, бул шәртнаманың күшке кириўи нәтийжесинде үш мәмлекет пуқаралары арасындағы байланыслар және де жеделлеседи, шегара алды аймақларда саўда көлеми артып, жаңа инфраструктура жойбарлары әмелге асырылады ҳәм жумыс орынлары жаратылады. Бул болса шегаралас аймақларда жасайтуғын халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

Депутатлар Орайлық Азияда интеграциялық процесслер барған сайын күшейип атырғанын атап өтип, бул шәртнама да тарийхый, мәдений ҳәм миллий тамырлары бирдей болған халықларымыздың және де жақынласыўына ҳәм өз-ара исенимниң беккемлениўине хызмет ететуғынын атап өтти.
Фракция ағзалары шәртнама жойбарын қоллап-қуўатлады.
ӨзА