Путин ядролық ракетаны сынап көрди (+видео)

123

Россия Қураллы Күшлери “Буревестник” ядролық ракетасы сынақтан өткерилгенин мәлим етти. Президент Владимир Путинниң атап өтиўинше, бул үлкен жетискенлик, бундай “өзине тән қурал дүньяда  жоқ”. Бул ҳаққында Evronews хабар берди.

Россия Федерациясы Қураллы күшлери Бас штабының баслығы Валерий Герасимовтың айтыўынша, 22-октябрь күни “Буревестник” ядролық ракета сынағы әмелге асырылған. Хабарларға бола, ракета 15 саат даўамында ҳаўада болып, 14 000 километр аралықты басып өткен.

ТАСС мәлимлеме агентлиги ракета 2001-жыл декабрьде жаратыла басланған. Бул бойынша мәмлекет Қорғаныў министрлиги төмендегилерди билдиреди:

– Жаңа стратегиялық қурал системасын жаратыў қорғаныў қәбилетин арттырыў, Россия ҳәм аўқамласларға қарсы агрессияның алдын алыўға қаратылған.

Путин жер жүзинде ядролық двигатель менен үскенеленген “Буревестник” қанатлы ракетасының теңи-тайы жоқ екенлигин атап өтти. Бул билдириўди ол Бирлескен әскерлер топары басқарыў орайына сапары ўақтында берди.

– Менде тараўға байланыслы есабат бар ҳәм бул ракета ҳақыйқатында да дүньяда теңи-тайы жоқ, өзине тән қолланба, – деди РФ жетекшиси. – Ядымда, биз бул қурал үстинде жумыс алып барып атырғанымызды айтқанымызда, ҳәттеки, жоқары маман қәнигелер “Идея жақсы, бирақ жақын тарийхый келешекте буны әмелге асырып болмайды”, деген еди.

ТАССтың мағлыўматына бола, Пентагон “Буревестник” ракетасы узақ аралыққа ушыўы ҳәм еркин ҳәрекетлениў қәбилети себепли, дерлик, ҳәр қандай платформадан соққы бериў имканиятына ийе екенин тән алған.

Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА