Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды

102

Тийисли тараў ҳәм уйымларға, депутатларға раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың сапалы орынлаўын системалы мониторинг етип барыў ўазыйпалары белгиленген болып, орынларда тараў басшыларының есап бериў мәжилислери болып өтпекте.

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги есабат тыңлаў мәжилиси болып өтип, онда партия депутатлық топарының ағзалары, районлық салық инспекциясының басшылары, тийисли шөлкемлер ҳәм жергиликли исбилерменлер қатнасты.

Мәжилис күн тәртибине муўапық, Мойнақ районы салық инспекциясы бөлими баслығының 2025-жылдың 9 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша есабаты тыңланды.

Усынылған есабат мағлыўматларына муўапық, 2025-жылдың 9 айында район бойынша бюджетке жәми 3 миллиард 624 миллион сум реже белгиленген болып, тийкарынан 3 миллиард 859 миллион сум түсим тәмийинленди. Бул көрсеткиш режениң 106 процент орынланғанын аңлатады.

– Сондай-ақ, ІІІ шеректе реже 1 миллиард 222 миллион сумды қураған болса, әмелий түсим 1 миллиард 257 миллион сумды қурады ҳәм реже 103 процентке орынланды, – дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы А.Есемуратова.

Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда бюджет түсимлери 106 процентке өскен болса да, айырым салық түрлери бойынша орынлаў дәрежелеринде айырмашылықлар бақланды. Соның ишинде, айланыстан алынатуғын салық режесине салыстырғанда 80 процент, физикалық тәреплердиң дәрамат салығы 64 процент, юридикалық тәреплердиң жер салығы 43 процент, мүлк салығы 98 процент, суў салығы 99 процент және пуқаралардан өндирилетуғын жер ҳәм мүлк салықлары 200 процент орынланғаны мәлим етилди.

Буннан тысқары, кәрханалардың бюджет алдындағы қарыздарлығы 2025-жыл 1-октябрь жағдайына 323 миллион сумды қураған болып, жыл басына салыстырғанда 5,5 процентке азайғаны атап өтилди. Есап бериў дәўиринде районда 104 юридикалық микрофирма ҳәм киши кәрхана, 162 жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм 1700 өзин-өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өткени атап өтилди. Бул көрсеткишлер районда исбилерменлик потенциалының артып баратырғанын көрсетеди.

Депутатлық тыңлаўда депутатлар есабат нәтийжелерин талқылап, айырым салық түрлери бойынша орынлаў дәрежесиниң төмен екенлиги, атап айтқанда, айланыстан алынатуғын салық ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы бойынша көрсеткишлер жетерли дәрежеде тәмийинленбегенин атап өтип, бул тараўда системалы кемшиликлер бар екенлигин сынға алды. Соның менен бирге, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, салық төлеўшилер ушын қолайлы шараят жаратыў, профилактикалық жумысларды күшейтиў ҳәм салық ҳәкимшилигин санластырыў арқалы бул көрсеткишлерди жақсылаў бойынша усыныслар алға қойылды.

Мәжилисте депутатлық топар тәрепинен салық уйымлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ҳәм аймақлық бюджет турақлылығын тәмийинлеў бойынша анық усыныслар берилди.

Партияның Мойнақ районлық Кеңесиндеги депутатлық топары усы мәселелер бойынша тийисли шөлкемлер менен биргеликте турақлы депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўы белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги