Өзбекстан экономикасы 2025-жылдың тоғыз айында 7,6 процентке өсти

Кейинги жылларда экономиканың барлық ири тармақларында унамлы нәтийжелер атап өтилди. Хызметлер тараўы ҳәм қурылыстағы жоқары пәтлер ЖИӨ өсиўине тийкарғы үлес қосқан болса, санаат ҳәм аўыл хожалығында да турақлы өсиў бақланды.
Миллий статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстанның жалпы ишки өними (ЖИӨ) көлеми ағымдағы баҳаларда 1 303 702,1 триллион сумды қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7,6 процентке өсиўди аңлатады.
Тармақлар бойынша өсиў динамикасы:
Санаат тараўында өсиў пәти 6,8 процент болып, ЖИӨ өсиўине 1,7 процент үлес қосты.
Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында өсиў 3,6 процентти қурады ҳәм улыўма өсиўге 0,6 процент пункт үлес қосты.
Қурылыс тараўында белсендилик жоқары дәрежеде сақланып, көлем 14,2 процентке артты. Бул ЖИӨ өсиўине 1,0 процентлик пункт үлес қосты.
Хызметлер тараўындағы өсиў 8,7 процентти қурады.
Соның ишинде:
саўда, жасаў ҳәм аўқатланыў хызметлери – 10,6%,
транспорт, сақлаў, мәлимлеме ҳәм байланыс хызметлери – 14,6%,
басқа хызметлер – 6,4%.
Бул тараўдың ЖИӨ өсиўине улыўма үлеси 4 процент пунктти қурады.
Салықлар үлеси
Өнимлерге сап салықлар көлеми 6,9 процентке өсти ҳәм ЖИӨ өсиўине 0,3 процентлик пункт унамлы тәсир көрсетти.
Ҳамроз Баянов, ӨзАның хабаршысы