Нотариусларға медиатор ўазыйпасын атқарыў ҳуқықы берилди

2025-жыл 20-октябрьде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине келиспеўшиликлерди альтернатив шешиўде медиация институтын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам күшке кирди.
Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Абдулҳаким Эшмуродов нызамның әҳмийетли тәреплери ҳаққында айтып берди:
– Экономикаға сырт ел инвесторларын тартыўда жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў ямаса суд додалаўының ҳәр қандай басқышында тартысып атырған тәреплер ушын өз-ара келисим ҳәм мақул шешим табыўға ерисиўди тәмийинлейтуғын механизмлерден пайдаланыў зәрүрлиги артып бармақта.

Мысалы, раўажланған мәмлекетлерде келиспеўшиликлерди медиацяны қолланған ҳалда судқа шекем шешиў улыўма ислер көлеминиң 70-80 процентин қурамақта.
Өзбекстанда 2019-жылы медиация институты енгизилген болса да, 2023-жылы даўдың судқа шекемги басқышында тек ғана 310 медиатив келисим рәсмийлестирилген.
Сыр емес, судларда жумыс көлеми жылдан-жылға артып бармақта. Атап айтқанда, 2021-жылы пуқаралық судлары тәрепинен 518 мың ис көрип шығылған болса, 2023-жылы бул көрсеткиш бир миллионға шамаласқан.
Судқа шекемги ҳәм судқа шекем рәсмийлестирилген медиатив келисимлерди салыстырғанда, судқа шекем рәсмийлестирилген медиатив келисимлердиң саны тек ғана 4,2 процентти қурайды.
Медиатив келисимлердиң тийкарынан судта рәсмийлестирилиўи көпшилик жағдайларда ҳақыйқатында да тәреплер келисип, медиатив келисим дүзип атырғанын емес, төленген мәмлекетлик бажыны қайтарып алыў мақсетинде медиатив келисим дүзип атырғанын билдиреди.
Медиатив келисим дүзип, судта ис тоқтатылған ҳәм мәмлекетлик бажы қайтарып алынып, бир неше ай ўақыт созылғаннан соң болса медиатив келисим орынланбаў жағдайлары ушырасады.
Сонлықтан, медицияның тәсир шеңберин күшейтиў, тараўға исенимди және де арттырыў зәрүрлиги бар.
Нызам әйне жоқарыдағы мәселелердиң ҳуқықый шешими сыпатында ислеп шығылған болып, “Медиция ҳаққында”ғы, “Нотариат ҳаққында”ғы, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы, “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы нызамлар, Пуқаралық, Экономикалық процессуал, Салық ҳәм Шаңарақ кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, “Нотариат ҳаққында”ғы нызамға киргизилген қосымшаға бола, нотариусқа “Медиация ҳаққында”ғы нызамда белгиленген тәртипте медиатор ўазыйпасын атқарыў ҳуқықы берилди.
Әмелдеги нормада нотариус пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлар, соның ишинде, мүлк ҳәм мийрас мәселелери бойынша өз-ара мақул қарар қабыл етиў ушын тәреплердиң ықтыярый келисими тийкарында тартыста медиатор сыпатында жумыс алып барыўы белгиленген болып, бунда нотариуслардың медиаторлықтағы ҳуқықы шекленген еди.
“Медиация ҳаққында”ғы нызам жаңа 11-бап пенен толықтырылып, Әдиллик министрлиги медиация тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди. Енди Әдиллик министрлиги өз ўәкилликлери шеңберинде медиацияға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етеди. Медиаторлардың кәсиплик этикасы қағыйдаларын, медиатордың кәсиплик маманлығын арттырыў тәртибин және медиаторларды таярлаў бағдарламаларын тастыйықлайды.
Соның менен бирге, медиаторлар тәрепинен статистикалық мағлыўматларды усыныў тәртибин белгилеў ҳәм статистикалық мағлыўматларды таллаў, медиаторлар реестрине киргизиў бойынша қәнигелик имтиханын өткериў тәртибин тастыйықлаў, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары жанындағы медиаторлар қәнигелик комиссиялары және Әдиллик министрлиги жанындағы Медиаторлар жоқары қәнигелик комиссиясы ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳәм нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
Нызам менен медиация қолланылатуғын тараўлар шеңбери кеңейтилди. Медиаторға байланыслы талаплар қайта көрип шығылып, медиаторлардың профессионаллық емес түри нызамшылықтан шығарып тасланды.
Медиаторларға жоқары мағлыўматлы болыў талабы қойылды. Олар ҳәр үш жылда бир мәрте қәнигелигин арттырады. Келисимди мәжбүрий орынлаўға байланыслы қағыйдалар белгиленди. Төрешилик судларының жумысы ҳәм төрешилик додалаўын халықаралық стандартларға бейимлестириўге байланыслы қағыйдалар нызамшылықтан орын алды.
Нызам келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў механизмлериниң әмелиятта нәтийжели ислеўин тәмийинлеў, медиация тараўының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў арқалы судларда жумыс жүклемесин азайтыўға хызмет етеди.
Әҳмийетлиси, бул процесслер Өзбекстанның бизнес жүргизиў тараўындағы халықаралық рейтингиниң және де жақсыланыўы, инвестициялық имиджиниң халықаралық дәрежеде және де көтерилиўине тийкар жаратады.
ӨзА