Мобиль қосымшалар пуқараларға хызмет көрсетиўди жеңиллестирмекте

“Нөкис халықаралық аэропорты”нда “ID” мобиль қосымшасы имканиятлары үгит-нәсиятланбақта.
Бажыхана хызметкерлери тәрепинен сырт елден ушып киятырған ҳәм ушып кетип атырған жолаўшы пуқараларға Жолаўшы бажыхана декларациясын мобиль қосымша арқалы толтырыў имканияты жаратылғанлығы ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққында түсиниклер берилди.
“Жолаўшы-декларациясы” атлы мобиль қосымшаны пост аймағындағы QR-kod арқалы ямаса Google Play App Storeден жүклеп алыўы мүмкин екенлиги айтылды.

Сондай-ақ, бажыхана тараўында қабыл етилип атырған жаңа нызам ҳүжжетлериниң тәртиби ҳәм ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўының алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында профилактикалық жумыслар алып барылып, пуқараларға коррупция жағдайларына гүўа болыў жағдайларында ямаса бажыхана хызметкериниң дәмегөйлик, өз лаўазым ўәкиллигинен материаллық мәпдар болыў мақсетинде пайдаланыў жағдайларына дус келсе, Бажыхана комитетиниң 1108 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етип хабар бериўлери соралды.
Жолаўшылар да өз гезегинде қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги