Лувр музейиндеги урлықта еки гүманланыўшы қамаққа алынды

98

Франция ғалаба хабар қураллары жақында Лувр музейинде жүз берген урлықта еки гүманланыўшы қамаққа алынғаны ҳаққында хабар тарқатты.

Олардан бири 25-октябрь күни кеште Париждеги Шарль де Голль аэропортында қамаққа алынған. Ол Алжирға ушыўға таярланып атырған болған. Екиншиси болса, үлке пайтахты шетиндеги Сена-Сен-Дени аймағында полиция тәрепинен қамаққа алынған.

Бул урлыққа байланыслы төрт гүманланыўшы изленбекте. Олардан екеўи музейге жүк көтериўши машина жәрдеминде кирген, қалған екеўи болса олардың қашыўына жәрдем берген.

“The Telegraph” газетасы алдынырақ, музей қәўипсизлик хызметкери урылар менен байланысып, оларға қәўипсизлик системасындағы мағлыўматларды жеткергенин хабар берген еди.

Музейдеги урлықта еки гүманланыўшы қамаққа алынғаннан кейин, Франция прокуроры Бекко тергеў ҳаққындағы мағлыўматлардың тарқалыўынан ашыўланғанын айтты. Оның сөзлерине бола, қамаққа алыўларды мүддетинен алдын жәриялаў «урланған зергерлик буйымлары ҳәм қалған топар ағзаларын излеўдеги ҳәрекетлерге кесент етиўи мүмкин».

С.Раҳимов, ӨзА