Белгили артист Б.Қайповтың юбилейине бағышланды

95

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Балтанияз Қайповтыӊ туўылғанының 80 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Онда жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, нураныйлар, театр ҳәм көркем өнер ықласбентлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти ҳәм басқалар сахна пидайысы Б.Қайповты 80 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Б.Кайпов қарақалпақ сахнасында өлмес образлар дөретти. Халқымыз оны комик актёр сыпатында биледи ҳәм ҳүрмет етеди.  Бирақ оны кең диапазонға ийе актёр десек болады. Себеби, ол барлық жанрларда, ҳәр қыйлы характердеги инсанлардың образларын ашып бере алды. Драмалық образларды да шеберлик пенен атқарды. Тынымсыз мийнетлери излениўлери арқасында сахнада бирин бири тәкирарла-майтуғын, ҳәр қыйлы жанрда 50 ден аслам рән-бәрең образлар дөретип тамашагөйлердиң кеўлинен шықты.

Қутлықлаўларда Т.Қайыпбергеновтыӊ «Қарақалпақ қызы» тийкарында жазылған «Жумагүл» драмасында Турымбет, «Ахмақ патша»да Айдар, «Бахытлы болыӊ балаларым»да Сарыбек, «Ай тутылған түнде»де Дийўана, «О дүньяға мирәт»те Мамонт, «Сүймегенге сүйкенбе» де Оралбай, «Өжет» те Халмурат, «Гүӊелек қыз ҳәм тәўип»те Сганарель, «Мәӊги булақ»та Птомелей, «Қатынымды қайтып бер»де Казбек, «Саўға»да Шонтық шайыр сыяқлы жаратқан образлары тамашагөйлердиң жүрегинен тереӊ орын ийелегени айрықша атап өтилди. Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында қойылған спектакллерден «Егленген бәҳәр» де Сабыр, «Яратқанныӊ дәлкеги»нде Яратқан, «Тоғыз тоӊқылдақ бир шиӊкилдек»де Дощым, «Жалаӊаш король»де ўәзийр, «Нөкис қорғаны»нда Соколов роллери халқымыздыӊ есинде.

«Қарақалпақфильм» киностудиясында сүўретке алынған «Сақый бала», «Курорт», «Уры», «Есщан бақсы» ҳәм басқа да фильмлерде, сондай-ақ «Шаӊарақ» сериалында рольлер атқарды. Көркем фильмлерде рольлер атқарыў менен бирге, қарақалпақ дубляжыныӊ раўажланыўына да үлес қосты. Қарақалпақстан радиосында берилетуғын «Тикенек» сатиралық журналыныӊ ҳәр санында ҳәм телевидениеде телеминатюраларда қатнасты.

Ол Ташкент, Алмата, Ашхабад қалаларында, Башқуртстан, Татарстан, Дагестан Республикаларында өткерилген Қарақалпақстан әдебияты ҳәм мәденияты күнлериниӊ ҳәм Халықаралық театрлар фестивальларыныӊ қатнасыўшысы.

Сахна пидайысы, халықтың сүйикли көркем өнер ғайраткери Б.Қайповтың дерлик ярым әсирлик дөретиўшилик мийнети ылайықлы баҳаланды. Ол «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист», «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланады.

Кешеде Балтанияз Қайпов роль атқарған кинофильм ҳәм пъесалардан үзиндилер көрсетилип, илаж халқымызға белгили көркем өнер ғайраткерлери қатнасыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги