Илимий бирге ислесиўдиң жаңа басқышы

121

Усы жылдың 14–19-октябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Атыраў қаласында Каспий бойы мәмлекетлери университетлери ҳәм илимий-изертлеў орайлары ассоциациясының XXVII Бас ассамблеясы ҳәм Х.Досмухаммедов атындағы Атыраў университетиниң 85 жыллығына арналған “Халел оқыўлары-2025: Заманагөй илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыў тенденциялары” атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Бул илимий әнжуманға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети деканы, Қарақалпақ әдебияты кафедрасы профессоры, филология илимлериниң докторы Қонақбай Турдыбаев «Каспий экосистемасы: илим ҳәм билимлендириў интеграциясы» темасындағы Каспий бойы мәмлекетлери мәмлекетлик университетлери ассоциациясының XXVII Бас Ассамблеясының пленар мәжилиси ҳәм панель сессияларында “Өзбекстан ҳәм Қазақстан билимлендириў системасындағы өз-ара мүнәсибетлер: тәжирийбелер ҳәм перспективалар” темасындағы баянаты менен қатнасып, Халел Досмухамедов атындағы Атыраў университетиниң 85 жыллығы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен таярланған қутлықлаўы ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, Х.Досмухамедов атындағы Атыраў университетиниң Басқарма баслығы-ректор Саламат Идрисов пенен ушырасыў өткерилип, онда келешекте биргеликтеги илимий конференциялар, семинарлар ҳәм дөретиўшилик жойбарларды шөлкемлестириўге келисип алынды.

Буннан тысқары, сапар шеңберинде профессор Қ.Турдыбаев Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласындағы Ш. Есенов университетинде де болып, бул жерде профессор-оқытыўшылары менен сәўбетлесиўлер алып барды. Сондай-ақ, университеттиң материаллық-техникалық базасы, аудиториялар менен тәмийинлениўи, оқытыўшылар ҳәм студентлерге жаратылған шараятлар, оқыў процесиниң шөлкемлестириў жағдайлары менен жақыннан танысты. Сапар даўамында, усы халықаралық бирге ислесиўлер нәтийжесинде профессор Қ.Турдыбаев “Халел Досмухамедов атындағы Атыраў университетине 85 жыл” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы