“Саҳрадағы Лувр”да “Биз биргемиз!” жойбары өткерилди

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен “Биз биргемиз!” жойбары шеңберинде И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейине физикалық имканияты шекленген шахслар ушын мәдений саяхат шөлкемлестирилди.
Партия электораты ўәкиллери менен өткерилген сөйлесиўде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң илимий хаткери, партияның басланғыш шөлкеминиң баслығы Бийбисара Юсупова ҳәм Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Паршагүл Дәўлетияровалар шығып сөйледи. Шығып сөйлегенлер партия басламаларына тоқтап, физикалық имканияты шекленген шахслар ушын жаратылып атырған имканиятлар тек ғана олардың турмыс сапасын арттырыў емес, ал, жәмийетте тең ҳуқықлы орталықты қәлиплестириўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Илаж даўамында қатнасыўшыларға “И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи тарийхы”на бағышланған ҳүжжетли фильм көрсетилди. Фильм арқалы олар музей жумысының тарийхы ҳәм мәмлекеттиң мәдений турмысындағы орны менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.
Сондай-ақ, қатнасыўшылар “Савицкий дүнясы” атамасындағы көргизбе менен танысты. Көргизбеде көрсетилген экспонатлар ҳәм көркем шығармалар қатнасыўшылар ушын эстетикалық заўық ҳәм руўхый илҳам дереги болды.






– Бул жойбардың тийкарғы мақсети, физикалық имканияты шекленген шахслардың жәмийетте белсене қатнасыўын тәмийинлеў, оларды социаллық турмысқа интеграциялаў және өзлерин мүнәсип ҳәм тең ҳуқықлы жәмийет ағзасы сыпатында сезиниўи ушын шараят жаратыўдан ибарат, – Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы Нурлан Кышанов. – Соны айрықша атап өтиўимиз керек, жойбар Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Өзбекстан Гереңлер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм бир қатар жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылмақта.
“Биз биргемиз!” жойбары жәмийетте инсаныйлық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик идеяларын беккемлеў, соның менен бирге пуқаралардың мәдений турмыста теңдей қатнасыў ҳуқықын тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги