Денсаўлықты сақлаў системасында коррупциялық жағдайлар қалай сапластырылмақта?

105

Коррупцияның ҳәр қандай көриниси раўажланыўға тосқынлық етеди, жәмийетти артқа тартады. Сонлықтан раўажланып атырған мәмлекетлерде бул иллетке қарсы кескин илажлар көрилмекте.

Соның ишинде, Өзбекстанда оған қарсы маўасасыз гүрес алып барылмақта. Соған бола, министрликте де “ҳуқықый эксперимент” шеңберинде бир қатар салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Денсаўлықты сақлаў системасында бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, коррупция жағдайларын ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған избе-из ҳәрекетлер мысалында да буны көриў мүмкин.

Усы жылдың июль ҳалатына бола министрлик системасының қаржы тараўындағы 1280 басшы хызметкердиң жумысында мәплер соқлығысыўы ҳәм непотизм жағдайы анықланған. Бундай унамсыз жағдайларды анықлаў ҳәм сапластырыўда министрликтиң  Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң орны салмақлы болмақта, десек қәте болмайды. Оны структура тәрепинен ҳәзирги ўақытқа шекем 567 усындай жағдай анықланып, өз ўақтында сапластырылғаны да тастыйықлайды.

Улыўма, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен коррупциялық ҳәрекетлерди сапластырыў ҳәм системада ашық-айдынлықты тәмийинлеўге байланыслы илажлар избе-из даўам еттирилмекте.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң ескерткениндей, егер медицина мәкемелеринде коррупция менен байланыслы жағдайлар бар болса, бөлимшениң республика бойынша бирден-бир болған 1203 санлы “Исеним телефоны” ямаса t.me/ssvantikor_bot  телеграм ботына мүрәжат етиў мүмкин. Мүрәжат етиўшиниң шахсы қатаң сыр сақланыўы кепилленеди.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәр қандай коррупциялық жағдайға маўасасыз қатнаста болыўда даўам ететуғыны ҳәм пуқаралардың ҳәр бир мүрәжатын итибардан шетте қалдырмайтуғыны атап өтилген.

ӨзА