Экономикалық судларда буйрық тәртибинде ис жүргизиў тийкарлары

Буйрық тәртибинде ис жүргизиў – бул даў келтирилмейтуғын пул қаржыларын өндириўдиң әпиўайыластырылған тәртиби болып, ол тәреплерди шақырмастан ҳәм суд додалаўысыз әмелге асырылады. Нәтийжеде суд буйрығы шығарылады, ол тийкарынан орынлаў ҳүжжети есапланады.
Буйрық тәртибинде ис жүргизиўдиң даўа тәртибинен тийкарғы айырмашылығы сонда, буйрық тәртибинде ис жүргизиў ҳуқық ҳаққындағы даўдың жоқ екенлигин нәзерде тутады. Яғный буйрық тәртибинде сөзсиз қарызлар өндириледи. Кредитор ҳәм қарыздар ортасында даўа пайда болыўи менен, ол даўа тәртибинде шешилиўи керек.
Экономикалық процессуал кодекстиң 135-статьясына тийкарланып суд буйрығы судья тәрепинен жеке тәртипте бериледи, егер салық қарызын өндириўди юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мүлкине қаратыў ҳаққында талап қойылған болса, коммуналлық хызметлер ҳәм байланыс хызметлерин төлеў бойынша қарызды өндириў ҳаққында тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге тийкарланған талап қойылған болса, дебиторлық қарызды оның ҳүжжетли тән алыныўына тийкарланған талап қойылған болса, талап нотариус тәрепинен әмелге асырылған вексельдиң төленбегенлиги, аксепт етилмегенлиги ҳәм аксепт сәнеси қойылмағанлығына тийкарланған болса, жазба келисим бар болғанда қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты болған көшпели мүлкке өндириўди қаратыў ҳаққында талап қойылған болса.
Кредитор суд буйрығын бериў ҳаққында арза бергенинде қарыздарға усы арзаның нусқасын тапсырыўы шәрт.
Суд буйрығын бериў ҳаққындағы арза улыўма тәртипте судқа даўа менен мүрәжат етилгенде даўласып атырған суммадан келип шығып есапланған ставканың елиў проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төленеди.
Ислерди буйрық тәртибинде көрип шығыў судьялар тәрепинен жеке тәртипте, тәреплер шақырылмастан ҳәм суд мәжилиси өткерилместен әмелге асырылады. Арза судлаўға тийислиликтиң улыўма қағыйдалары бойынша, яғный қарыздардың жайласқан орны бойынша бериледи.
Көрип шығыў нәтийжелери бойынша судья суд буйрығын шығарады. Егер қарыздар қарсылық билдирсе, буйрық бийкар етилиўи, ал өндириўши болса даўа ис жүргизиў тәртибинде талап қойыўы мүмкин.
З.Ҳасанова,
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги