Жигерли жаслар жеңиси: футболшыларымыз гүмис медаль ийесине айланды

Нөкис қаласы 10-санлы “Нурлы мәкан” мектеп интернатында көзи әззи ҳәм шала көриўшилер арасында спорттың 5х5 футбол түринен Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.
Қызғын беллесиўлер толы болған жарыста, республикамыздың сайланды командасы Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Наўайы ўәлаяты командаларын жеңип, финалға шығыўға еристи.
Көпшилик футбол жанкүйерлери күткениндей, Ташкент қаласы командасы менен өткен финал ойыны оғада қызықлы өтип, ушырасыўдың тийкарғы ўақтында жеңимпаз анықланбады ҳәм пенальтилер сериясына нәўбет берилди.
Бунда әўмет ташкентли футболшыларға күлип бағып, олар Өзбекстан чемпионы атағына миясар болды.
Тимур Қыдырбаев басқарған республикамыз командасы екинши, Наўайы ўәлаяты футболшылары үшинши орынды жеңип алыўға миясар болды.

– Өткен жылы финалда Наўайы командасын жеңип, чемпион болған едик,-дейди республикамыз сайланды командасы тренери Тимур Қыдырбаев. – Быйыл командамызға азмаз әўмет жетиспеди. Сонлықтан гүмис медаль менен шеклениўге мәжбүр болдық. Спортта усындай ўақыялар да болып турады. Енди командамыз ағзаларын алдағы жарысларға таярлай беремиз.
Жарыс соңында жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы