Илим пидайысы еди…

121

Илимпаз А.Қурбанбаев – 85 жаста

Ҳәр бир инсан саналы болып қәлиплесиўинде устазлардың орны үлкен. Өмирден өз орнын табыўға үндейтуғын, турмыстың ашшы-душшысын үйретип, меҳир-ақыбет, жақсылық ҳәм адамгершиликтен сабақ беретуғын устазлардың мийнетине бир өмир бас ийемиз.

Билимли адамның озады аты,

Өзи өлген менен өшпейди аты,

Шубҳа жоқ илимнен тиридур инсан.

Аўыр мүшкиллерди жеңеди инсан,

Илим жақсы деди бир күн устазым,

Жəҳəнди жаңлатар дабыл пəрўазың.

Әбилқасым Фирдаўсий ҳəзиретлери айтқан бул қатарлар мыңлап инсанлардың устазы Амин аға Қурбанбаевтың бизге студентлик жылларымыздағы айтқан ақыл-нәсиятларын еске салады.

Устаз – бизге билимлер дүньясының есигин ашып, өмир, Ўатан, ана, жақсы-жаман, ақ пенен қара, дос-душпан, гөззаллық, дослық, нәкаслық, ҳадаллық, қуўаныш, муҳаббат киби түрли түсиниклердиң мәнисин уқтырған инсан сыпатында жүрегимизде мәңги қалады. Устазымыз Амин аға да мине усындай инсан сыпатында жүрегимизде қалған, себеби, оның бизлерге жан күйдирип айтқан сөзлери, ақыл-кеңеслери усы күнге шекем, ҳәзир де алдымыздан шығып, турмыста болсын, жумыс бабында қыйын жағдайларға түскенде сабақ болып, қыйыншылықларды жеңип өтиўимизге себеп болып атыр.

Амин аға оғада талапшаң еди, өзине де, бизлерге де күшли талап қойып, тәртипти қатаң услайтуғын инсан еди. Сол дәўирлерде биз оның бул талапларын ҳәдден тыс қатал деп түсинип, оны көпшилик студентлер жақтырмай, талапларына бойсынғысы келмегени менен енди өзимиз устаз болғаннан кейин түсинип атырмыз.

Ол бизлерге Германияға барғанда көрген-кеширмелерин айтып берген еди. Сонда ол ҳәр елдиң өзине тән тәртип-қағыйдалары, миллий қәдириятлары, қала берди аўқатланыў қағыйдаларына шекем өзгешеликлери болатуғынлығы ҳаққында айтқанда тап өзлеримиз сол жақта жүргендей тәсирленетуғын едик…

Устазымыз Амин Қурбанбаевтың жасап ҳәм мийнет еткен өмир жолларына нәзер таслайтуғын болсақ, ол 1965-жылы Ташкент мәмлекетлик шет тиллери педагогика институтының орта мектеплер ушын немис тили толық емес мектеплер ушын өзбек тили ҳәм әдебияты қәнигелигин оқып питкергеннен кейин өзиниң дәслепки мийнет жолын Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының «Немис тили» кафедрасында әпиўайы оқытыўшы болып ислеўден баслаған. Бурынғы аўқам дәўиринде аўқамлас еллерде тәжирийбе алмасыў алып барылғанлығы себепли 1971-жылдан 1974-жыллар аралығында Әзербайжан шет тиллери педагогикалық институтында стажёр-изертлеўши сыпатында илимий изленис алып барған. Ол жерде әзербайжанлы кәсиплеслери менен илимий жумыслар ислеп, бираз тәжирийбе топлағаннан кейин, Нөкиске қайтып келип, және алдынғы жумыс орнында мийнет жолын даўам еттирген. Ол өзиниң кәсипке пидайылығы, туўры сөзлиги, берилген ўазыйпаларға үлкен жуўапкершилик пенен қарап жумыс алып барыўы менен сол дәўирдеги университет басшыларының нәзерине түсип, дәслеп кафедра баслығы, соң факультет деканы лаўазымына шекем көтериледи. Әпиўайы оқытыўшылықтан кафедра профессоры илимий дәрежесин алыўға миясар болды. Ол басшы болып ислеген жыллары факультетте қатаң тәртип орнап, студент жаслар арасында билим алыўға, илимий изленислер алып барыўға умтылыслары сезилерли дәрежеде артты. Оның қолынан жүзлеп, мыңлап шәкиртлер тәрбияланып шықты. Сөзимниң басында оның қатаң тәртибине көнлиге алмай студент жылларымызда оны жаман көрип жүрген едик, деп келтирген едим. Оның шәкиртлериниң басым көпшилигинде усы сезим, усындай ой-кеширмелер болған болыўы тәбийий. Өйткени ол басқа устазларға қарағанда оғада қатты қол, ҳәдден тысқары талапшаң болды. Бирақ мениң пикиримше, сол тутымына мен сыяқлы басқа шәкиртлери де ҳәзир оннан оғада миннетдар болып атырғанлығына ҳеш те гүманым жоқ. Себеби, сол тәртип-интизамның, тутымның арқасында шәкиртлериниң көпшилиги бүгин үлкен табысларды қолға киргизип, ҳәммеси жәмийетте өз орнына ийе инсанлар болып қәлиплести. Басым көпшилиги республикамыздың түрли жерлеринде, белгили оқыў орынларда өзиниң абырайына, мәртебесине ийе инсанлар сыпатында мийнет етип атыр.

Муқаддес ҳәдисимизде: «Бесиктен қәбирге шекем илим изле» деген бир даналық бар. Сол айтылғанындай Амин аға өмириниң ақырына шекем ғаррылықты мойынламастан китап жазды, шәкиртлерин изине ертип бир қанша илимий китаплар, сөзликлер шығарды.

Амин ағаның мийнетлери ҳаққында сөз ететуғын болсақ, «Немис тили грамматикасынан шынығыўлар топламы, «Немис ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы грамматикасы. Синтаксис», «Қарақалпақ тилине немис тилинен өткен сөзлердиң фонетикалық қәсийетлери», «Немис тилинде атлықтың грамматикалық категориялары», «Алпамыс» немис тилинде», «Қарақалпақ ҳәм немис тили рәўишлеринде грамматик интерференцияның ушыраўы», «Аўызеки сөйлеў сабақларында стратегия ҳәм ойын-тапсырмалардың қолланылыўы», «Қарақалпақша-немисше сөйлесиў сөзлиги», «Немис тилинде фейилдиң грамматикалық категориялары» ҳәм усы сыяқлы жүзлеп илимий мийнетлер, мақалалар, китаплар жазды. Оның бул мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы берилди. Ол буннан да үлкен сыйлықларға ылайық инсан еди. Ең баслысы, атақты оған халық берди, ол кафедрамыздың профессоры еди, бирге ислеген кәсиплеслери, заманласлары, изине ерген шәкиртлери оның мийнетлерин, инсаныйлық пазыйлетлерин, меҳирге толы жүрегин, айтқан ақыл-нәсиятларын ҳеш қашан естен шығармайды.

Ол өзиниң изинде жақсы ат, жақсы ислер, әжайып шәкиртлер қалдырған ҳақыйқый устаз сыпатында жасап өтти. Биз де, өз нәўбетинде пидайы устаздың шәкиртлериниң бири екенлигимиз бенен мақтанамыз.

Минайим Палўанова,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети немис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистент оқытыўшысы, «Дослық» ордениниң ийеси.