Теңиз қәдди 4 мың жыллық ең жоқары дәрежеге жетти (+видео)

Глобаллық ысыў ҳәм инсан белсендилиги нәтийжесинде дүнья бойлап теңиз қәдди соңғы 4 мың жыллықта рекорд дәрежеде көтерилмекте. Бул жағдай ири қалалар ҳәм жағалық бойы аймақлары ушын айрықша суў тасқыны қәўпин пайда етеди.
Рутгерс университетиниң илимпазлары әййемги коралл рифлери ҳәм мангро тереклерин таллап, теңиз қәддиниң өзгериў тарийхын үйренди. Олардың “Натуре” журналында жәрияланған изертлеўине бола, 1900-жылдан берли теңиз қәдди ҳәр жылы орташа 1,5 миллиметрге артқан – бул соңғы мың жыллықлар ишиндеги ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.
Қәнигелер оған еки тийкарғы фактор себеп болып атырғанын атап өтпекте: глобал температураның артыўы нәтийжесинде океан суўының кеңейиўи ҳәм музлықлардың, әсиресе Гренландия ҳәм Антарктидадағы айсберглердиң тез ериўи. 2023-жыл сентябрьден 2024-жыл августқа шекем Гренландияда 80 миллиард тонна муз ериген. Егер бул музлық толық ерисе, глобал теңиз қәдди 7,4 метрге көтерилиўи мүмкин.
Изертлеўшилердиң пикиринше, ең үлкен қәўип дәрьялар дельталарында жайласқан тегис ҳәм өнимдарлы аймақларға қәўип салмақта. Олар аўыл хожалығы, санаат ҳәм транспорт ушын әҳмийетли болғаны себепли, олардың жоғалыўы глобал экономикаға да соққы бериўи мүмкин.
Қытай әсиресе еки есе көбирек қәўип астында болса да, бул машқала Нью-Йорк, Жакарта, Манила сыяқлы ири қалалар ушын да әҳмийетли. Илимпазлар теңиз суўының көтерилиўин тәртипке салыў ушын глобал дәрежеде кескин илажлар көриў зәрүрлигин атап өтпекте.
Мадинабону Насриева, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА