Өзбекстан ҳәм Түркия мәдений бирге ислесиўи раўажланбақта

103

Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Халық дипломатиясы орайының директоры Қобилжон Собиров Стамбул қаласына сапары шеңберинде Түркиядағы Өзбекстан мәденияты, тилеклеслик ҳәм бирге ислесиў жәмийетиниң баслығы Чўқай Кўчар ҳәм қала ҳәкимлиги Халықаралық байланыслар департаментиниң басшысы Барбарос Буюк Сагнак пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында еки туўысқан елдиң мәдений бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, дос қалаларымыздың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, мәдений алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў ҳәм халықлар арасындағы дослық қатнасығын беккемлеў мәселелери додаланды.

Қ.Собиров мийманларға ШБШ Халық дипломатиясы орайы, атап айтқанда, әмелге асырылып атырған халықаралық мәдений-ағартыўшылық жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Өз гезегинде, Барбарос Буюк Сагнак Орайдың жумысын жоқары баҳалап, келешекте бар өз-ара байланысларды раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин атап өтти.

Додалаў соңында Түркиядағы түрлес жуўапкер шөлкемлер менен тек ғана мәдений емес, ал илимий тараўда бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, соның ишинде, түркий мәмлекетлердиң нақыл-мақалларынан ибарат китап басып шығарыў, жас илимпазлардың илимий изленислерин топлам сыпатында басып шығарыў, сондай-ақ, ақыл орайлары (think tank) арасында бирге ислесиўди күшейтиў сыяқлы жедел басламалар алға қойылды.

Илаж дослық ҳәм қызғынлық руўхында өтти. Тәреплер келешектеги бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли бағдарларды белгилеп алып, әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириўге келисип алды.

Ушырасыўда Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтының ректоры Элдор Шерманов та қатнасты.

Ғ.Хонназаров, ӨзА

Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайы баспасөз хызмети менен биргеликте таярланды.