“Бахрейн-2025”: ўәкиллеримиз 9 спорт түринде жарысады

Бахрейнде даўам етип атырған жаслар арасындағы III Азия ойынларының 23-октябрь күнги беллесиўлеринде 15 спорт түри бойынша беллесиўлер өткериледи.
Онда Өзбекстан делегациясы спортшылары 3х3 баскетбол, жеңил атлетика, бокс, футзал, ММА, муайтай, ат спорты, триатлон ҳәм волейбол спорт түрлери бойынша жарыс жеңимпазлығы ушын гүреседи.

Еслетип өтемиз, бул жарыста Өзбекстан спорт делегациясы 5 алтын, 1 қола медалы менен улыўма командалық есапта жетекшилик етпекте. Индонезия делегациялары 1 алтын ҳәм гүмис медаль менен екинши, Филиппин болса 1 алтын менен күшли үшликтен орын алды.

Мағлыўмат орнында: 22-октябрь күни III Азия ойынларының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Бул мәресимде Өзбекстан делегациясының басшылары ҳәм ағзалары да қатнасты.

Бахрейн мәмлекетинде өтип атырған ойынлар шеңберинде Азия Олимпия кеңеси Атқарыў комитетиниң 101-мәжилиси жоқары дәрежеде ҳәм нәтийжели түрде өткерилди. Мәжилисте спорт тараўын раўажландырыў, олимпиада ҳәрекетин және де кеңейтиў ҳәм регион еллери арасындағы бирге ислесиўди күшейтиўге байланыслы бир қатар мәселелер көрип шығылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икромов ҳәм Миллий олимпиада комитети басшылығы Азия Олимпиада кеңеси ҳәм Африка Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясы ўәкиллериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда спорт ҳәм олимпиада ҳәрекети арқалы Азия ҳәм Африка регионлары арасында дослық байланысларын және де беккемлеў, сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА