Германия Бундестаги делегациясы Аралбойы халықаралық инновация орайының жумысы менен танысты

111

Қарақалпақстан Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Германия Бундестагының Аўыл хожалығы ҳәм ўатан мәселелери комитетиниң баслығы, мырза Ҳерманн Фербер басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайында болды.

Бундестаг депутатлары Кристоф Фрауенпрайс, Штеффен Яних, Ина Латендорф ҳәм Винфри Холстан ибарат делегацияға Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ниң Қарақалпақстандағы ўәкиллери басшылық етти.

Сапардан гөзленген мақсет – орайдың жумысы ҳәм Аралбойы регионында турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығы нәтийжелилигин арттырыў ҳәм инновациялық экологиялық шешимлерди енгизиўге қаратылған GIZ бенен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысыў.

Делегацияның сапары шеңберинде орайдың илимий-изертлеў ҳәм жойбарлар презентациясы өткерилди. Сондай-ақ, Аралбойы регионында экосистемаларды тиклеў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Делегация ағзалары Аралбойы экосистемаларын тиклеў ҳәм аўыл хожалығын өзгериўшең климатқа бейимлестириў бойынша инновациялық технологиялар ислеп шығылып ҳәм сынақтан өткерилип атырған илимий-өндирислик участкасында алып барылып атырған тәжирийбелер менен де танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Аралбойы аймағында экологиялық турақлылықты тиклеў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды. Делегация ағзалары экологиялық кризис ақыбетлерине қарсы гүресиў ҳәм аймақты турақлы раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған бағдарламалардың әҳмийетин айрықша атап өтти.

Сапар жуўмағында тәреплер илим, экология ҳәм агротехнологиялар тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты, Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы шериклик қатнасықларын раўажландырыўдан өз-ара мәпдар екенлигин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги