Ташкентте Қытайдың Синьцзян өнимлери көргизбеси басланды

107

Пайтахтымыздағы “Анҳор Локомотив” парки аймағында “Өзбекстан-Қытай: XIV – Синьцзян өнимлери көргизбеси”ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Көргизбе Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Халықаралық саўданы раўажландырыў кеңесиниң Синьцзян ўәкилханасы тәрепинен шөлкемлестирилди.

Илаждың тийкарғы мақсети – еки үлке арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерине Синьцзян-Уйғур регионында ислеп шығарылған өнимлер, технологиялар ҳәм үскенелер менен жақыннан танысыў имканиятын жаратыў, сондай-ақ, еки елдиң исбилермен топарлары арасында тиккелей бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўдан ибарат.

Көргизбе шеңберинде агросанаат, турмыслық техника, IT, консалтинг, медицина санааты, азық-аўқат ҳәм ишимликлер, шай ислеп шығарыў, қурылыс, тоқымашылық ҳәм химия санааты, логистика ҳәм энергетика тараўларындағы Қытай компанияларының стендлери көрсетилмекте.

Қатнасыўшылар арасында “Bingtian Intelligent Technology”, “Xinjiang Poplar Cable Manufacturing”, “Xinjiang Oulite Wire Mesh” сыяқлы ири ислеп шығарыўшылар да бар.

Ашылыў мәресими шеңберинде бир қатар келисимлерге ерисилип, бирге ислесиў меморандумларына қол қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Көргизбе 23-октябрь күнине шекем даўам етеди.

М.Пирматова, ӨзА