“Үйге бийтаныс адам келди” ҳәзили үлкен машқалаларды келтирип шығармақта

127

Соңғы ўақытлары социаллық тармақларда жүзеге келген тренд – “үйге бийтаныс адам келди ҳәзили” дүнья бойлап жаслар арасында кеңнен тарқалып, әсиресе, жас өспиримлер арасында вирусқа айланып кетти. Бул ҳәзил өзине тән пранк (ҳәзил) түринде пайда болып, онда жас өспиримлер үйге кирген бийтаныс, шыйратылған шашлы еркектиң фотосүўретлерин, көбинесе жасалма интеллект тәрепинен жаратылған фотосүўретлерди, ата-аналарына ямаса үйдеги басқа үлкен ўәкиллерге жибереди ҳәм “бийтаныс адам келди” деген хабар менен ҳаўлықтырады. Бул болса көплеген шаңарақларда түсинбеўшилик ҳәм қорқынышты келтирип шығарыў менен бирге, социаллық тармақларда жаңа бир “вирус” – надурыс хабар тарқатып, ҳуқық қорғаў уйымларына керексиз мүрәжатларды көбейтпекте.

Бул “ҳәзил” жаслардың ойын-заўыққа тийкарланған мүтәжликлерин толықтырса да, оның ақыбетлери үлкен машқалаларды пайда етпекте. Атап айтқанда, АҚШ полициясы ҳәм басқа мәмлекетлердиң ҳуқық қорғаў уйымлары бул ҳәзилди тоқтатыўға шақырмақта. Себеби көплеген ата-аналар қыялый қәўип себепли айрықша хызметлер номерине керексиз қоңыраўлар етиўге мәжбүр болмақта. Бул жағдай тек ҳуқық қорғаў уйымларының реал жәрдемге мүтәж болған жағдайларға өз ўақтында жетип барыўын төменлетип ғана қоймастан, ал айрықша хызметлер системасының жүгин арттырып, ҳәмме ушын қәўипли жағдайларды жүзеге келтиреди.

Буннан тысқары, бул пранк инсанның денсаўлығына үлкен зыян жеткериўи ҳаққында да қәўетерлер бар. Мәселен, қан басымы жоқары болған ямаса жүрек-қан тамыр кеселликлерине шалынған адамлар ушын күтилмеген ҳаўлықпа ҳәм стресс жағдайлары аўыр денсаўлық машқалаларын келтирип шығарыўы мүмкин. Стресстиң кескин артыўы инфаркт ямаса инсульт қәўпин арттырады. Соның ушын бундай пранклер тек кеўил көтериўден тысқары, аўыр денсаўлық машқалаларына да себеп болыўы мүмкин екенлиги итибардан шетте қалмаўы керек.

Соның менен бирге, пранклерди тарқатыўшы жаслар көбинесе бундай ҳәрекетлерди толық аңламайды. Бул жағдайда ата-аналар, мектеплер ҳәм жәмийеттиң социаллық институтлары жаслар менен нәтийжели қарым-қатнас орнатып, оларды социаллық тармақларда жуўапкершиликли болыўға, ҳәзиллердиң нормасын билиўге үйретиўи әҳмийетли. Сондай-ақ, социаллық тармақларда бундай контентлерди шеклеў ҳәм үгит-нәсиятлаўды азайтыў ушын тийисли илажлар көрилиўи зәрүр.

Жуўмақлап айтқанда, “үйге бийтаныс адам келди” сыяқлы пранклер социаллық тармақлардың унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин айқын көрсетпекте. Бул трендтиң артында жаслардың өзин көрсетиў ҳәм күлки жаратыў тилеги жатқан болса да, оның ақыбетлери үлкен машқалаларды жүзеге келтиретуғыны анық. Сол себепли, бундай зыянлы пранклердиң тарқалыўын шеклеў ҳәм жасларды жуўапкершиликке үйретиў бойынша нәтийжели илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў зәрүр.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА