Адам саӯдасына қарсы гүресиӯ ҳәм балаларды мийнетке мәжбүрлеӯдиң алдын-алыӯ
Дүньядағы барлық еллер адам саӯдасынан жәбирленеди. БМШтың мағлыӯматларына көре, адам саӯдасы қурбанларын ӽаяллар ӽәм балалар қурайды.
2010-жыл 30-июлда БМШның Бас Ассамблеясы 64/293-резолюциясы менен Адам саӯдасына қарсы гүресиӯ бойынша БМШның Глобал ӽәрекет бағдарламасы қабыл етилген. Усы ӽәрекетлер бағдарламасында бул жынаяттың алдын-алыӯ, жәбирленгенлерди қорғаӯ, жынаятшыларды тутыӯ ӽәм барлық жөнелислерде бирге ислесиӯшиликти беккемлеӯ бойынша ис-илажлар көзде тутылған.
Адам саӯдасы көбинше нызамсыз түрде шет еллерге барып мийнет искерлиги менен шуғылланыӯ себепли пайда болып атыр. Нызамсыз мийнет миграциясы нәтийжесинде мәмлекеттиң шегерасын нызамсыз кесип өтиӯ, бажыхана ӽәм салық нызамшылығын қопал түрде бузыӯ сыяқлы унамсыз жағдайлар жүз бермекте.
Жынаятшылар, шөлкемлескен жынайый топарлар өзиниң ӯатанласларының садалығы, исениӯшеңлиги ӽәм жетерли мәлимлемеге ийе емеслигинен пайдаланып, оларды қуллыққа гириптар етпекте. Нәтийжеде, алданған пуқараларымыз ӽәм физикалық ӽәм руӽый азапларға дуӯшар болып атыр. Демократиялық ӽуқық ӽәм еркинликлер Конституция ӽәм нызамлар менен қорғалады. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26-статьясына көре, ӽеш ким қыйнаӯға, зорлыққа, рейимсизлик ямаса адам қәдир-қымбатын кемситиӯши басқа түрдеги басым өткериўге ҳақылы емес.
Адам саӯдасы адамзат цивилизациясына, жәмийет ӽәм мәмлекетлердиң раӯжланыӯына айтарлықтай қәӯип туӯдырады. Сол себепли, шөлкемлескен жынаятшылық, атап айтқанда, халық аралық терроризм, наркобизнес, қурал-жарақларды нызамсыз сатыӯ менен байланыслы оғада аӯыр жынаятлар қатарында адам саӯдасының ӽәр қандай көринисине қарсы гүрес бүгин дүнья жүзи жәмийетшилигине актуаль машқала болмақта.
Айырым адамлардың садалығы ӽәм исениӯшеңлиги себепли материаллық машқалаларды тез шешиӯ қәлеӯшилиги, жеңил жумыс табыӯ, тез байыӯ кетиӯ арзыӯ-әрманы, жетерли ӽуқықый билимге ийе емеслиги, немқурайлылық трансмиллий жынайый топарлардың қәнигелесиӯине себеп болып атыр.
Адам саӯдасы – күш пенен қорқытыӯ ямаса күш қолланыӯ яки мәжбүрлеӯдиң басқа формаларынан пайдаланыӯ, урлық, алдаӯшылық, алдаӯ, ӽәкимияттан пайдаланып ямаса жағдайдың турақсызлығынан пайдаланыӯ арқалы ямаса басқа адамды қадағалаӯшы адамның рухсатын алыӯ ушын байлық яки мәпдар етиӯ есесине аӯдарып алыӯ жолы менен адамлардан пайдаланыӯ мәқсетинде оларды жаллаӯ, тасыӯ, тапсырыӯ, жасырыӯ ямаса қабыл етиӯ.
Бүгинги күнге келип адам саӯдасының кең ен жайыӯына, яғный адамды қандай да бир товар сыпатында, анықластырып айтқанда адамды алды-сатты етиӯдиң объекти сыпатында пайдаланылыӯы, олардың ӽуқық ӽәм еркинликлериниң аяқ асты етилиӯине төмендегилер себеп болмақта:
Адам саӯдасы сыяқлы нызамсыз искерлик түри бир ямаса бир неше ағзалардан ибарат топарлардың көп байлық дерегине айланып барып атырғаны, яғный олардың ӽеш қандай аӯыр ӽәм машақатлы мийнетлерсиз аңсат дәрамат алыӯға урынып атырғаны;
Адам саӯдасының қурбанына айланып атырған адамлардың садалығы, өзиниң, жақынларының тәғдирине ӽәм келешегине парықсызлығы, немқурайлығында болып есапланады. Яғный ең жоқары байлық есапланатуғын еркин өмир түсинигине жеңил ӽәм итибарсызлық көз-қараслары ақыбетинде усы адам саӯдасын әмелге асырыӯшы жынаятшылардың олжасына, анығырағы олардың аңсат дәрамат дерегине айланып қалып атыр;
Адам саӯдасын әмелге асырыӯшы жынаятшы адамлар өзлериниң таныслары, жақын туӯысқанларына, яғный олардың исенимине кирип алып, олардың адам саӯдасын қурбанына айланып қалыӯына себепши болып атырғанлығында;
Адам саӯдасының қурбанына айланып атырған адамлардың арланып, көрген қорлықлары, оларға қолланылған түрли физикалық ямаса руӽый басымлар ӽаққында яки өзиниң нызамсыз мийнет искерлигин әмелге асырғанлығынан қорқып булар ӽаққында ӽуқықты қорғаӯшы уйымларға хабар бермеслигинде.
Адамзат тарийхында адам саӯдасына қарсы гүресиӯ XIX-әсирдиң ақыры ӽәм XX-әсирдиң басларында ӽаял-қызлардың Европадан Америка ӽәм Арқа Африка контитентине кең көлемли миграциясы ӽәмде ӽаял-қызларды Европаға сатыӯ ӽәдийсеси бақланған. Бул ӽәдийсени сапластырыӯ мақсетинде Парижде 1902 ӽәм 1910-жылларда еки конференция өткерилип, “Ақ қуллар саӯдасына қарсы гүрес” атамалы пүткил дүнья Конвенциясы қабыл етилген.
Кейинирек, усы конвенция “Ӽаяллар ӽәм балалар саӯдасын жоқ етиӯ” ӽәм “Ер-жетпеген ӽаяллар саӯдасын жоқ етиӯ” атамалы пүткил дүнья Конвенциялары менен толтырылған. Адам саӯдасы машқаласына қарсы гүресиӯдиң кейинги тарийхый процесслери әсте-ақырын раӯажланып, 1948-жылы “Адам ӽуқықлары” улыӯма дүнья Декларациясы қабыл етилген. Соннан кейин, “Адам ӽуқықларының Европа Конвенциясы”, “Қуллық ҳаққында”ғы Конвенция, “Қуллықты жоқ етиӯ тәжирийбеси ӽаққында”ғы қосымша Конвенция, “Бала ӽуқықлары ӽаққында”ғы Конвенция, “Ӽаялларға қарсы дискриминацияның ӽәр қандай көринислерине қарсы гүрес ӽаққында”ғы Конвенциялар қабыл етилип, дүньяның көплеген еллеринде қолланыла басланды.
БМШтың мағлыӯматына көре, дүнья жүзинде ӽәр жылы шама менен 2 миллионнан артық адам адам саӯдасының қурбанына айланып атыр. Халық аралық экспертлердиң баӽалаӯынша, усы жынаятшылық нәтийжесинде алынып атырылған жыллық дәрамат муғдары 7 миллиард АҚШ долларынан асып кеткен. Тынышсызландырарлысы, адам саӯдасы жынаятынан жәбирленгенлердиң 80 проценти ӽаяллар ӽәм балалар болып табылады. Ӽәр жылы дүнья бойынша 600-800 мың ӽаял ӽәм бала алдаӯ жолы менен шет еллерге алып кетилип, сатып жиберилмекте.
Өзбекстан Республикасының 2008-жылдың 17-апрелиндеги “Адам саӯдасына қарсы гүресиӯ ӽаққында”ғы Нызам қабыл етилген. Нызамға муӯапық, адам саӯдасына қарсы гүресиӯ адам саӯдасының алдын-алыӯ, оны анықлаӯ, оған тыйым салыӯ, оның ақыбетлерин минималластырыӯ, адам саӯдасынан жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиӯ искерлигин өзиниң ишине алады.
Конституциямызда айтылғанындай, адам қол-қатылмас болып есапланады. Оның атақ-абырайын, қәдир-қымбатын аяқ асты етиӯге ӽеш кимниң ӽақысы жоқ. Бирақ, адам дәслеп өзиниң ӽуқықларын толық аңлап жетпес екен, ӽәр қандай көлемдеги ис-илажлар жетерли түрде нәтийже бермейтуғынлығы тийкарғы мәселе болмақта.
Жуӯмақлап айтқанда, адам саӯдасы жынаятына қарсы гүрес бүгинги дүнья жәмийетшилигиниң ең актуал машқалаларынан бири болып қалмақта. Елимиздиң абырайын дүнья майданында көтериӯ, оның статусына зыян жеткеретуғын адам саӯдасы сыяқлы иллетлерден қорғаӯ ӽәр биримиздиң ӯазыйпамыз болыӯы керек.
Н.Таиров,
Пуқаралық ислери бойыша Беруний
районлараралық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.