Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты командасы “Муфтий сыйлығы – 2025” жарысының жеңимпазы болды

“Муфтий сыйлығы – 2025” мини-футбол жарысының финал ойыны болып өтип, жуўмақлаўшы ушырасыўда Наманган ўәкиллиги ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты командалары өз-ара беллести.
Еки команда да бул жарысқа айрықша таярлық көрип келгенлигин көрсетти.
Жарыс жуўмағы бойынша, 1-орын Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, 2-орын Наманган ўәкиллиги, 3-орын Самарқанд ўәкиллиги командаларына несип етти.
Тийкарғы ўақытта командалар 4:4 есабында теңбе-тең есапқа ийе болды. Жеңимпаз команда пенальтилер сериясы арқалы анықланды. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты командасы 4:2 есабында толық жеңимпаз болды.
Сыйлықлаў мәресиминде бас кубок Қарақалпақстан командасына салтанатлы түрде тапсырылды. Сондай-ақ, жеңимпаз команда ағзаларының ҳәр бирине биринши орын медалы ҳәм ноутбук саўға етилди.



Сондай-ақ, төрешилер, “Ең жақсы дәрўазаман”, “Ең көп топ урыўшы”, “Ең жақсы ойыншы” номинацияларына миясар болған ойыншыларға да баҳалы саўғалар, сондай-ақ, барлық орын ийелерине ақшалай сыйлықлар ҳәм естелик саўғалары да тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги