Фермер ҳәм дийқан хожалықларына сертификатланған бийдай сортлары жеткерип берилмекте

105

Туқымгершиликти раўажландырыў орайына қараслы “Toshkent Best Seeds” туқым таярлаў кәрханасында жаңа мәўсим ушын туқымлық ғәлле партиясы толық таяр жағдайға келтирилди. Фермер ҳәм дийқан хожалықларына химиялық қайта исленген, 45-60 күнлик яровизация процесинен өткен, сертификатланған жоқары сапалы бийдай сортлары жеткерип берилмекте.

Атап айтқанда, Аср, Обод, Азиз, Гурд, Эланчик, Васса, Ултра, Антонина және Темирязов 150 ҳәм Гром сортларының туқымларына ҳәзирги күнде талап үлкен.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында республика бойынша жәми дерлик 5,9 миллион тонна бийдай жетистирилген.

Бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 4,3 процентке артқан.

Республикамыз аймақларында жетистирилген бийдай көлеми бойынша Ферғана ўәлаяты жетекшилик етпекте.

                                                                        ӨзА