Биринши мәрте “Өзбек тилиндеги спорт атамаларының түсиндирме сөзлиги” жаратылды

Мәмлекетимизде спорт тараўы ҳәм өзбек тилиниң раўажланыўы жолында және бир әҳмийетли қәдем тасланды – биринши мәрте “Өзбек тилиндеги спорт атамаларының түсиндирме сөзлиги” басып шығарылды. Сөзлик Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты ҳәм Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети менен биргеликте таярланған.
Сөзликте Өзбекстанда ғалаба ен жайған 20 ға шамалас спорт түрине байланыслы мыңлаған атамалар илимий тийкарда түсиндирилген. Соның ишинде, футбол, шахмат, бокс, таэквондо, каратэ, көркем гимнастика, қылышласыў, жеңил ҳәм аўыр атлетика, ат спорты сыяқлы тараўлар қамтып алынған.
Бул сөзлик өзбек тилинде спорт терминлериниң системаластырылған, илимий тийкарланған ҳәм анық түсиндирилген биринши толық баспасы болып есапланатуғынын атап өтиў керек. Онда тек ғана спорт емес, ал спорт тарийхына байланыслы атамалар, спорт инвентарьлары, федерация ҳәм шөлкемлердиң атамалары да қамтып алынған.

Бул сөзликтиң жаратылыўы Президентимиздиң 2020-жыл 20-октябрьдеги “Мәмлекетимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўының әмелий көриниси болды, десек асыра айтқан болмаймыз. Сондай-ақ, 2022-жыл 3-ноябрьде қабыл етилген “Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында кадрларды таярлаў ҳәм илимий изертлеўлер системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы талаплары тийкарында спорт тараўында лингвистикалық мәлимлеме базасын қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе.
– Бул сөзлик спорт қәнигелери, Денетәрбия ҳәм спорт университети студентлери, спорт журналистлери, тилтаныўшы илимпазлар, докторант ҳәм магистрлер, сондай-ақ, спорт терминлери менен ислесетуғын барлық ушын баҳалы қолланба болып хызмет етеди, – дейди филология илимлери бойынша философия докторы Мухлиса Собирова. – Сөзликтиң баспа басылымы менен бир қатарда оның заманагөй санлы формалары да жаратылды. Пайдаланыўшылар ушын www.sportatamaları.uz веб-сайты ҳәм “Спорт атамалары” атлы мобиль қосымша ислеп шығылып, интернет тармағына жайластырылды.
Жойбарға филология ҳәм спорт тараўының жетекши қәнигелери тартылған болып, жойбар басшысы Мухлиса Собирова, редакция коллегиясы Дурдона Худойберганова, Юлдуз Ортиқова, Муяссар Сапарниязова, Дурдона Лутфуллаева, Манучеҳр Ибрагимов, Феруза Манукян, Нафиса Мўминова ҳәм Азиза Аҳмедовадан ибарат.
Лола Тоштемирова, ӨзА