Уллы Британияның Вестминстер университети президенти Олимпиада қалашасының имканиятларын тән алды

93

Мәмлекетимизге келген сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери, халықаралық шөлкемлердиң жуўапкерлери ушын пайтахтымызда қурылған Олимпиада қалашасы менен танысыў дәстүрге айланды.

Қысқа ўақытта қурылып, өз жумысын баслаған 100 гектардан аслам майданды қамтып алған спортшылар дәргайында бүгинги күнде ҳәр қыйлы спорт түрлери бойынша оқыў-шынығыўлар, халықаралық жарыслар, дослық ушырасыўлары, бириншиликлер системалы түрде шөлкемлестирилмекте.

Күни кеше елимизге келген дүньядағы абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринен бири Вестминстер университетиниң президенти, профессор Питер Бонфилд Олимпия қалашасындағы “Велодром”, “Орайлық ойын майданы”,  “Суў спорты”,  “Жәмийетлик спорт түрлери” ҳәм “Жеке гүрес спорт түрлери” имаратлары ҳәм оларда жаратылған шараятлар менен танысты. Өзбекстан Олимпиада ойынлары дәрежесиндеги абырайлы комплексли спорт ойынларын қабыл ете алатуғын қүдиретке ийе мәмлекет дәрежесине көтерилип атырғанын атап өтти.

Спорт министриниң орынбасары Ш.Маҳмудов, Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери О.Қосимов, Ташкент қаласындағы халықаралық Вестминстер университетиниң ректоры К.Каримов ҳәм сырт ел делегациясы ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген ушырасыўда елимизде спорт тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, ерисилип атырған нәтийжелер, спорт билимлендириўи бағдарындағы кең көлемли жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берип өтилди.

Дослық руўхында өткен сөйлесиў процесинде бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, жаңаша жойбарлар бойынша көп тәреплемели қатнасықларда избе-изликке ерисиў бойынша усыныслар алға қойылды.

Т.Рўзиев, ӨзА