Қурылыс жумысларының экономикамыздағы үлеси

Қурылыс тараўы жедел раўажланып атырған экономикамыздың әҳмийетли бөлеги есапланады. Республикамызда 2025-жылдың январь-сентябрь айлары даўамында жәми 7 306,8 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,4 процентти қурады.
Қурылыс жумыслары көлеминиң қурамына ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумыслары 1 003,0 млрд. сумды қурап, өсиў пәти 126,6 процентке ерисилди, оның жәми қурылыс жумыслары көлеминдеги үлеси
13,7 процентти қурады.
Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 52,8 процентти қурап, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 3 855,2 млрд. сум муғдарында болып, өсиў пәти 109,4 процентке ерисилди.
Ал, рәсмий болмаған секторлардың есабына туўра келген қурылыс жумыслары жәми қурылыс жумысларының 33,5 процентин қурап, 2 448,6 млрд. сум муғдарында болып, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 106,3 процентке ерисилди.
Əмелге асырылған қурылыс жумысларының баcым көпшилиги жаңа жай ҳәм имаратларды қурыўға бағдарланған. Жәми қурылыс жумысларының 73,0 проценти яғный, 5330,6 млрд. сумлық қурылыс жумыслары экономикамызда жаңа ислеп шығарыў қуўатлықлары, турақ жай ҳәм басқа социаллық тараў объектлерине туўра келеди.
Қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткиши үлесине Нөкис қаласы (18,8%), Төрткүл (7,9%), Елликқала (6,3%), Беруний (4,9%) районларына туўра келди.
Д.Абдуллаева,
Статистика басқармасы Инвестиция
ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги