Миллий кинология орайында «Еслеў комплекси» қурылды

131

Миллий кинология орайында жақында “Еслеў комплекси” пайдаланыўға тапсырылды.

Комплекстиң ашылыў мәресиминде Бажыхана комитетиниң басшылары, орайдың шөлкемлестирилиўине үлес қосқан ветеранлар, жеке қурам ҳәм қайтыс болған кинологлардың шаңарақ ағзалары қатнасты.

Илажда Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов шығып сөйлеп, соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен Бажыхана системасына көрсетилип атырған жоқары итибардың нәтийжесинде Миллий кинология орайында да кең көлемли қурылыс ҳәм системалы жаңаланыў жумыслары әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Жәҳән Бажыхана шөлкеминиң регионаллық статусына ийе бул орайда соңғы үш жыл даўамында Бажыхана уйымларының 460, ҳуқық қорғаў уйымларының 210, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң 50 кинологи билим алды.

Ҳәзирги ўақытта орай Түркия, Қубла Корея, Әзербайжан, Қазақстан, Латвия, Литва, Уллы Британия ҳәм Россия Бажыхана уйымларының кинология хызметлери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойған.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, Бажыхана уйымларында хызмет ийтлериниң жәрдеминде 2023-2024-жыллар ҳәм усы жылдың өткен тоғыз айында 10 тоннадан аслам нәшебентлик қураллары ҳәм 44 килограмм күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамсыз айланысына шек қойылды.

Бул нәтийжелерге ерисиўде Миллий кинология орайының жумысы менен бир қатарда, марҳум кинологлардың да мүнәсип үлеси бар. Соның ушын орайдың ҳәўлисинде бой тиклеген “Еслеў комплекси” олардың естелигин мәңгилестириў ҳәм ҳүрмет пенен еслеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.

Мәресимде символикалық лента кесилип, комплекс ашылды. Илаж қатнасыўшылары орайдың оқыў-тәрбия жумысы, қәнигелестирилген ветеринария хызмети, туўыў комплекси ҳәм “Кинология тарийхы” музейи менен жақыннан танысты.

Еслетип өтемиз, 24-октябрь күни Миллий кинология орайы шөлкемлестирилгенине 29 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен илаж даўамында бир топар пидайы хызметкерлер Бажыхана комитети баслығы тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Қәнигели кинологлар ҳәм олардың хызмет ийтлери тәрепинен көрсетилген әмелий шынығыўлар ҳәм көргизбели шығыўлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

 

Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,

ӨзАның хабаршысы