Жерлесимиз Венесуэлаға гол урды
105

Бирлескен Араб Әмирликлеринде жәҳән чемпионатына таярлықты даўам еттирип атырған Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы кеше Венесуэлаға қарсы жолдаслық ойынын өткерди.
Қызықлы ҳәм кескин өткен ойынның 29-минутында Венесуэла U-17 сайланды командасы ағзасы Давид Гарсия есапты ашқан болса, 86-минутта жерлесимиз Нурбек Сәрсенбаев пенальтиди анық әмелге асырып, ойындағы есапты теңлестириўге миясар болды.
Буннан соң еки команда да дәрўазаларға гол урыў ушын бир неше мәрте ҳәрекет етти. Бирақ, ушырасыўда есап өзгерместен қалды.
Сондай-ақ, бул ойында және бир жерлесимиз Азиз Еримбетов та тийкарғы қурамда майданға түсип, өзиниң белсендилиги менен көзге түсти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы