Заманагөй судларда суд экспертизасының тутқан орны

99

Қарақалпақстан Республикасы судында Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими экспертлери Д.Таджиев ҳәм У.Рустамовалардың қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.

Илажда республикамызда жумыс алып барып атырған судьялар ҳәм суд системасы хызметкерлери қатнасты.

Семинарды өткериўдиң тийкарғы мақсети суд әмелиятында экспертиза жумысының әҳмийетин арттырыў, суд хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, тараўдағы соңғы жаңалықлар менен таныстырыўдан ибарат болды.

Семинар даўамында қатнасыўшыларға суд лингвистикасы тараўы ҳаққында толық мағлыўмат берилип, экспертлер оның изертлеў объектлери, сондай-ақ, сөз ҳәм текст анализи арқалы суд процесслеринде дәлиллердиң исенимлилигин анықлаўдағы әҳмийети ҳаққында түсиниклер берди.

Илажда суд лингвистикасы арқалы түрли хатлар, баянатлар ямаса электрон жазысыўлардағы мәнисти анық талқылаў имканияты артатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, илажда суд ҳүжжетлерин интеграция системасы арқалы жибериў тәртиби, оның абзаллықлары ҳәм электрон бирге ислесиўдиң нәтийжеси ҳаққында да тоқтап өтилди. Бул система суд қарарларын жедел, анық ҳәм қәўипсиз тәризде жеткериўди тәмийинлеп, суд жумысын және де ашық-айдын ҳәм нәтийжели ететуғыны атап өтилди.

Экспертлер суд-жер экспертизасы түсиниги, оның қолланылыў тараўлары ҳәм әмелий әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге, экспертиза қәрежетлерин есаплаў тәртиби, оларды суд ислерин жүргизиўде дурыс қолланыў механизмлери бойынша да түсиниклер берилди.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-августта қабыл етилген 140-санлы Пәрманының әҳмийетине де айрықша тоқталып, бул ҳүжжетте суд-ҳуқық системасында санластырыў процесслерин және де тереңлестириў, мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы система нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпалары белгилеп берилген. Экспертлер бул Пәрман суд ислерин жүргизиўде заманагөй мәлимлеме шешимлерин енгизиўде жаңа басқышты баслап бергенин атап өтти.

Илаж жуўмағында семинар қатнасыўшылары баянатшыларға өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, судьялар ҳәм суд хызметкерлери экспертизаларды тайынлаў, олардың нәтийжелерин баҳалаў ҳәм заманагөй санлы шешимлерден пайдаланыў бойынша экспертлерден анық ҳәм илимий тийкарланған жуўаплар алды.

Семинар суд системасы хызметкерлериниң билим ҳәм маманлығын арттырыў, суд экспертизасы тараўындағы жаңалықлар менен таныстырыў ҳәм санластырыў процесслерин әмелиятқа кеңнен енгизиў жолында үлкен әҳмийетке ийе болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы