Әнар бағындағы мийнеттиң нәтийжеси

118

Беруний районы «Ө.Жуманиязов» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағындағы Рустам Хажыбаевтың фермер хожалығы бағшылыққа қәнигелескен болып, улыўма 8,7 гектар жер майданға ийе. Соннан 4 гектарына ерик, 3 гектарына алма ҳәм 1,5 гектарына әнар егилген.

Хожалықта тийкарынан әнардың 6 түри жетистирилмекте. Ҳәр бир гектардан 25-30 тоннаға шекем зүрәәт алынады. Бул болса, хожалыққа жылына 450-500 миллион сум дәрамат келтирмекте.

Фермер хожалығында бүгинги күнде 10 турақлы жумыс орны жаратылған. Сондай-ақ, әнар терими ҳәм оны көмиў мәўсиминде күнине 10-15 жас ўақтынша жумыс пенен тәмийинленеди. Резервте 8 тонна әнар, 1 тонна қақ ерик, 6 тонна капуста жыйналған. Сондай-ақ, үшинши зүрәәтке шалғам егилген.

Өнимлер Беруний районынан тысқары қоңсы районлардың ишки базарларына да жеткерип берилмекте. Бағшылықтағы көп жыллық тәжирийбениң нәтийжеси бул тараўда жаңа сортлардың жаратылыўына тийкар болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги