Түркияның жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў жеделлеспекте

97

Түркия ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми менен соңғы жыллары сиясий-экономикалық, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў және де жеделлеспекте.

“Раўажланыў стратегиясы” орайында Баликесир университети ректоры, профессор Южел Огурлу менен ушырасыў болып өтти.

Онда орай басшысы Элдор Туляков түркиялы мийманды “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар менен таныстырды, делинеди “Раўажланыў стратегиясы” орайының мағлыўматында.

Профессор Южел Огурлу 15-октябрь күни пайтахтымызда болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми жанындағы Түркий университетлер аўқамының 8-Бас Ассамблеясында өзбек тилинде шығып сөйлегенин билдирип, соңғы жыллары сырт елде өзбек тилин үйрениўге қызығыўшылық сезилерли дәрежеде артқанына итибар қаратты. Сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў халықларымыз арасындағы байланысларды беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ушырасыўда “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм Түркияның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери арасында байланысларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм биргеликтеги жумысты жеделлестириўге келисип алынды.

ӨзА