Елликқалада кинокǝрўан илажы болып өтти

86

Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы тǝрепинен республикамыздағы мǝҳǝллелер, мектеплер, орайлық дем алыў орынлары, шөлкемлер, ǝскерий бөлим ҳǝм ǝскерий билимлендириў мǝкемелеринде «Кинокәрўан» жойбары ǝмелге асырылды.

Буннан гөзленген мақсет халықтың мǝдений дем алыўын тǝмийинлеў, мǝҳǝллелерде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тǝрбиялаў, халық арасында мǝденият ҳǝм көркем өнерди үгит-нǝсиятлаўға қаратылғаны менен ǝҳмийетли.

Усы «Кинокәрўан» илажы шеңберинде Елликқала районындағы Əбиў ǝли ибн Сина атындағы жǝмийет саламатлығы техникумында көркем өнер ғайраткерлери ҳǝм актёрлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда техникумның оқыўшы-жаслары сүйикли дөретиўшилери менен жүзбе-жүз сǝўбетлесиў, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алыў имканияитына ийе болды.

Ушырасыў даўамында жаслар көркем өнер ǝлеминиң сырлары, дөретиўшилик процесс ҳǝм миллий кинематографияның бүгинги күндеги жетискенликлери ҳаққында қызықлы мағлыўматларға ийе болды.

Илаж соңында қатнасыўшыларға Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы ҳǝм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте сүўретке түсирилген «Мениң мǝҳǝллем» көркем фильми қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги