Тазалық айлығы қызғын даўам етпекте

Президентимиздиң тапсырмасына бола, 15-октябрьден баслап пүткил республикамызда тазалық айлығы өткерилмекте.
Айлық даўамында барлық мǝҳǝллелер, мектеп ҳǝм мектепке шекемги билимлендириў мǝкемелери, көшелер, жасаў пунктлери аймақларында тазалық илажлары ǝмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, волонтёрлар, жас эко-белсендилер қатнасыўында ҳǝр қыйлы тазалық акциялары, плоггинглер шөлкемлестирилмекте.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Прокуратурасы, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳǝм климат өзгериўи министрлиги, Миллий гвардия ҳǝм Ишки ислер хызметкерлеринен ибарат арнаўлы штаблар шөлкемлестирилди. Бул штаблар тǝрепинен қала ҳǝм районларда қатаң экологиялық қадағалаў орнатылды ҳǝм жǝмийетшиликке күнделикли түрде мағлыўмат берип барылмақта.
Қалаберди, айлық даўамында экологиялық ҳуқықбузарлықларға қарсы турақлы түрде рейд илажлары ǝмелге асырылмақта. Атап айтқанда, шығындыларды белгиленбеген орынларға таслаў жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы ескертилип, анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша Өзбекстан Республикасы ҳǝкимшилик кодексиниң тийисли статьясына тийкарланып, ҳуқықбузарларға баянлама рǝсмийлестирилмекте ҳǝм жǝриймалар белгиленбекте.
Илаждың тийкарғы мақсети – қоршаған орталықты қорғаў, шығындылардың нызамсыз тасланыўын сапластырыў ҳǝм халықтың экологиялық мǝдениятын арттырыўдан ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги