“Руўхый жетим” балалар

95

Уллы Британияда 2018-жылы “Жалғызлық министрлиги” дүзилгени бийкарға емес. Англия ҳүкимети “жалғызлық эпидемиясы”на қарсы гүресиў ушин арнаўли министрликти шөлкемлестириўге мәжбүр болған. Себеби ҳәр үш адамнан бири өзин “руўхй жақтан жалғыз” деп сезинген. Бул жағдай меҳир ҳәм инсанлар арасындағы байланыстың жетиспеўшилиги мәмлекет көлеминдеги машқалаға айланғанын көрсетеди.

Демек, инсанлар арасындағы мийримсизлик – тек жеке машқала емес, ал жәмийет, миллет дәрежесиндеги аўыр мәселе.

Әпиўайы бир мысал. Әтирапқа қараӊ: 30 жасқа да толмаған ҳаял үш баланың анасы. Қәйин енеси яки өмирлик жолдасы “бала ырысқы менен туўылады”, деп оны және перзентли болыўға ийтермелейди. Нәтийжеде балалар арасындағы жас айырмашылығы 6-7 айдан аспайды. Бундай жағдайда тәбийғый, биринши перзентке итибар, меҳир азаяды. Балаға бәрқулла инисине ямаса қарындасына қараўи керек екенлиги түсиндириледи.

Гейде екинши ямаса үшинши перзентлер де әдалатсыз мүнәсибет қурбаны болады. Олар ағасының кийимин кийеди, оның ойыншығын ойнайды, өз қәлеўлерине итибар берилмейди. Усының нәтийжесинде балада “маған ҳеш ким қарамайды”, “мен артықшаман” деген пикир пайда болады. Бул сезимлер үлкен жаста муҳаббат ҳәм меҳирди дурыс көрсетиў қәбилетин де төменлетеди.

Психологлардың пикиринше, бала өмириниң дәслепки 5 жылында жетерли муҳаббатқа ийе болмаса, үлкейгеннен кейин өзине болған исеним сезими төмен болады. Егер жас шаңарақлар перзентлер арасындағы туўылыў ўақтын дурыс режелестирсе, ҳәр бир бала жетерли меҳир ҳәм итибар менен өседи.

Психологлардың атап өтиўинше, балалықтағы мийрим жетиспеўшилиги инсан қәлбинде терең руўхый жарақат қалдырады. Бул процесс үлкен жаста да өз тәсирин жоғалтпайды. Мәселен, АҚШтағы Гарвард университетиниң 2020-жылғы изертлеўине бола, балалығында меҳир ҳәм итибар жетиспеген адамларда үлкейгеннен кейин депрессия қәўпи 40 процентке, агрессия дәрежеси болса 2,5 есеге жоқары екен.

Өзбекстанда да бул жағдайды турмыстағы мысалларда көриў мүмкин. Көплеген шаңарақларда әке ямаса ана мийнет миграциясы себепли узақта болады, бала болса әжеси ямаса туўысқанларының қолында өседи. Ол материаллық жақтан тәмийинленген болса да, руўхый жетимлик жағдайында жасайды. Соның ушын да ол үлкейип жәмийетте сезимсиз, бийпәрўа ҳәм мийримсиз шахс сыпатында қәлиплеседи.

Мийримсизлик тек балалықта емес, ал үлкенлердиң өмиринде де өзиниң аўыр изин қалдырады.

Мағлыўматларға қарағанда, соңғы бес жыл ишинде Өзбекстанда ажырасыўлар саны 40 процентке көбейген, себеплер ишинде “бир-бирине итибарсызлық” бириншилер қатарынан орын алған. Демек, шаңарақта сөйлесиў, тыңлаў ҳәм өз-ара ғамқорлық мәденияты жоғалғанда муҳаббат та, исеним де сөнеди. Бул болса шаңарақ орталығындағы мийримсизликтиң ашық көриниси болып есапланады.

Мийримсиз орталық тек шаңарақ пенен шекленип қалмайды – оның тәсири пүткил жәмийетке жайылады. БМШтың 2022-жылғы есабатында атап өтилиўинше, жаслар арасындағы зорлық ҳәм турпайы ҳәрекетлер, әсиресе, меҳир ҳәм қадағалаў жетиспейтуғын орталықта өскенлерде бир қанша жоқары. Мағлыўматларға қарағанда, Лондонда соңғы бес жылда жаслар арасында жүз берген қолайсыз ҳәрекетлердиң 70 проценти тәрбияда мийримсиз орталықтың тәсири менен байланыслы болған.

Буның тамыры – үйдеги мийримсизлик ҳәм муҳаббаттың жетиспеўшилигинде. Демек, мийримсиз орталықта өскен бала тек ғана өзиниң өмирин емес, ал пүткил жәмийеттеги қатнасықлар тең салмақлылығын да бузыўы мүмкин.

Негизинде мийримсизлик – көзге көринбейтуғын, бирақ жәмийеттиң ең аўыр дәрти. Егер ата-ана баласын тыңламаса, меҳир орнын үнсизлик ийелейди. Усы үнсизликтен болса жек көриўшилик, бийпәрўалық ҳәм жалғызлық туўылады.

Соның ушын меҳирди басқадан күтпейик. Бәринен бурын, өзимизден баслайық – үйде, жумыста, көшеде. Себеби меҳир бар жерде тынышлық бар, меҳир бар жүректе үмит бар.

Нигора Раҳмонова, ӨзА