Жаңа кәрхана иске түсти

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде көплеген кәрханалар өз жумысын басламақта. Бул болса, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Кегейли районында мәш өнимин қайта ислеўге қәнигелескен “GLOBAL EXPORT” атлы жаңа кәрхана өз жумысын баслады. Бул кәрхана заманагөй технологиялар тийкарында, атап айтқанда, Қытай ҳәм Түркиядан алып келинген үскенелер жәрдеминде, ҳәр жылы ислеп шығарыӯ потенциалынан келип шығып, 2000-3000 тоннаға шекем мәш өнимин қайта ислеў имканиятына ийе. Қайта исленген өнимлер тийкарынан экспортқа бағдарланады.
Бул жерде өнимлер халықаралық талапларға муўапық тазаланады, реңи ҳәм көлемине қарап каллибрленеди, тегисленеди, соң қадақланып, сырт еллерге экспорт етиледи. Әлбетте, белгили бир бөлеги ишки базарға да жеткерип бериледи.


Бүгинги күнде “GLOBAL EXPORT” қайта ислеў менен биргеликте, дийқан ҳәм фермерлер ушын қолайлы хызметлерди де усынбақта. Олар атызларда жетистирилген мәш өнимин жыйнап алып, қайта ислейди ҳәм сатып алады. Бул болса қол мийнетин бираз жеңиллестирип, өнимниң сапасын арттырады ҳәм дийқанлардың дәраматын көбейтиўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги