Өзбекстанда ең көп турақ жай сатып алыў әмелге асырылған аймақлар жәрияланды

101

“Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы” акционерлик жәмийети 2025-жылдың II шерегинде мәмлекетте турақ жай базарында белсендилик жоқары болғанын мәлим етти.

Компания мағлыўматларына бола, қайта қаржыландырылған портфель шеңберинде жәми 21 мың 949 ипотека кредити ажыратылған.

Квартира базарында ең көп сатып алыўлар Ташкент қаласында әмелге асырылған – 4 мың 913 квартира сатып алынған.

Сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты, Наўайы ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы да жетекши аймақлар қатарында атап өтилген. Ҳәўли жайлар базарында болса жетекшиликти Қарақалпақстан Республикасы (928) ҳәм Хорезм ўәлаяты (797) сақлап тур. Соның менен бирге, Әндижан, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ўәлаятында да турақ жай сатып алыўлар саны бир қанша жоқары болған.

Турақ жай базарындағы белсендилик мәмлекет бойлап ипотека кредитлеў имканиятларының кеңейиўи ҳәм халықтың турақ жай шараятын жақсылаўға болған қызығыўшылығы менен түсиндирилмекте.

ӨзА