Германия дүньядағы биринши вертикаль жүзиўши қуяш электр станциясын иске қосты

Германияның “SINN Power” компаниясы ишки суўда таза энергия ислеп шығарыў концепциясын өзгерте алатуғын бийбаҳа вертикаль жүзиўши қуяш электр станциясын пайдаланыўға тапсырды.
Сырт ел ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, бул комплекс Баварияның Старнберг регионындағы Яйс шағыл тас кәнинде жайласқан. Қурылманың қуўатлылығы 1,87 МВт, бул жүзлеген шаңарақты ток пенен тәмийинлеў ушын жеткиликли. Панель көл аймағының тек ғана 4,65 процентин иелеген.
– Бул инновациялық жойбардың биринши басқышында тармақтағы энергия жумсалыўын әдеттеги тутыныў дәрежесине салыстырғанда дерлик 60 процентке азайтыў имканиятын берди, – дейди “Kies- und Quetschwerk Jais” компаниясының директоры Готтфрид Жейс. – Система жетилистирилгеннен соң, қуяш энергиясының улыўма нәтийжелилиги 70 процентке жетти.
“Skipp-Float” системасы қуяш панелин вертикаль түрде шығыстан батысқа қарай бағдарлайды ҳәм дәстүрий горизонталь жағдайдан өзгеше түрде, күн даўамында энергия ислеп шығарыў имканиятын жаратады.
– Процесс жүдә әпиўайы, жер талап етилмейди, система өндирис пенен толық үйлеседи, – дейди қәниге. – Тийкарынан күндиз, әсиресе март-декабрь айлары, қуяшлы күнде жедел ислейтуғын станцияның дүзилиси кемени еслетеди: 1,6 метр тереңликте орнатылған модульлер самал ҳәм өзгериўшең суў қәдди тәсиринде еркин ҳәрекетлене алады.
Энергия көл экосистемасын бузбастан, жүзиўши сым ҳәм жағалық жалғаныў ноқаты арқалы тармаққа узатылады.
Дәслепки экологиялық мониторинг комплекс қоршаған орталыққа зыян жеткермейтуғынын көрсетти. Керисинше, жүзиўши қурылма әтирапындағы суўдың сапасы жақсыланды, балықлар, суў қуслары ушын жаңа тәбийғый жасаў орны пайда болды.
– Энергияны сақлаў ҳәм алмасыў процесин дыққат пенен бақлап барамыз, тез арада және де үнемли ҳәм нәтийжели шешимлер табылатуғынына үмит етемиз, – деп жуўмақлады Жейс.
Гўзал Сатторова, ӨзА