Республика архивлерине жәми 500 мыңға шамалас сораў келип түскен

99

Миллий баспасөз орайында “Өзархив” агентлиги тәрепинен баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманда архив тараўын санластырыў, пуқараларға хызмет көрсетиў, нормативлик базаны жаратыў, халықаралық бирге ислесиў ҳәм мәмлекетлик қадағалаў бағдарларында ерисилген тийкарғы нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өзбекстан Республикасында архив жумысын раўажландырыўдың 9 айға мөлшерленген режеси 21 көрсеткиш бойынша орынланып, соннан 20 көрсеткиш бойынша арттырып орынланған.

Соның ишинде, “Өзархив” агентлиги тәрепинен Министрлер Кабинетиниң “Хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын белгиленген ҳүжжетлер менен ислесиў тәртибин жетилистириў ҳаққында”ғы қарары жойбары ислеп шығылды.

9 айда мәмлекетлик архивлер тәрепинен 99,1 мың сақлаў бирлигиндеги 12,8 миллион кадр, бүгинги күнге шекем жәми 1 миллион 200 мың сақлаў бирлигиндеги 94,5 миллион кадр архив ҳүжжетлериниң электрон нусқалары жаратылды. Сондай-ақ, 9 мың 560 басқарыў, 955 жеке қурам, 71 сақлаў мүддети ўақтынша болған ҳүжжетлердиң дизимлериниң электрон нусқалары жаратылды.

Есап бериў дәўиринде Өзбекстан миллий архивлери ҳәм мәмлекетлик архивлер тәрепинен “Мәмлекетлик архивлерде санластырылып атырған ҳүжжетлердиң бирден-бир сақланыўын тәмийинлеў ҳәм олардан пайдаланыў” мәлимлеме системасына жәми 999 мың 374, соннан, 229 фонд, 1 мың 175 дизим, 276 мың 400 сақлаў бирлиги, 721 мың 500 ҳүжжет ҳаққындағы мағлыўматлар киргизилди.

Сондай-ақ, 9 ай даўамында республика архивлерине 405 мың 164 тематикалық ҳәм социаллық-ҳуқықый мазмундағы сораўлар келип түскен. Соның ишинде, социаллық-ҳуқықый мазмундағы сораўлар 332 мың 63 ти қурап, соннан мәмлекетлик архивлерге 169 мың 633, жеке қурам ҳүжжетлери мәмлекетлик архивлерине 162 мың 430 келип түскен.

Архив ҳүжжетлери тийкарында 226 мың 222 социаллық-ҳуқықый мазмундағы сораўлардың орынланыўы орынланып, олардан 212 мың 487 си унамлы, 13 мың 735 и бойынша тийисли түсиниклер берилген. Шөлкем ҳүжжетлери архив сақлаўына келип түспегенлиги ҳәм тийислилиги бойынша тийисли шөлкемлерге жиберилген сораўлар 90 мың 829, есап бериў дәўиринде орынлаўдағылар 15 мың 12 ни қурайды.

Келип түскен тематикалық сораўлар 73 мың 101 ди қурап, олардан 68 мың 172 си унамлы орынланған, 4 мың 929 ына шөлкем ҳүжжетлери архив сақлаўына келип түспегенлиги бойынша түсиниклер берилди.

Буннан тысқары, 282 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде архив иси ҳәм жумыс жүргизиў жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаў илажлары өткерилди. Мәмлекетлик қадағалаў илажлары нәтийжесинде 262 шөлкемге көрип шығыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизилди, тексериўде анықланған нызамбузыўшылықлар бойынша 62 жуўапкер хызметкерге ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық бойынша протоколлар рәсмийлестирилип, тийисли суд уйымларына жиберилди.

Әзербайжан Республикасы Баку қаласында “Өзбекстан-Әзербайжан байланыслары архив фото ҳүжжетлеринде” китап-альбомының презентациясы ҳәм “Өзбекстан ҳәм Әзербайжан – еки туўысқан халық” атамасындағы архив ҳүжжетлериниң көргизбеси өткерилди.

Гулноза Бобоева,  Ойбек Пардаев (сурат), ӨзА