Биргеликте ҳәрекет етсек, гендер теңлиги әрман емес, ал турмыслық ҳақыйқатлыққа айланады

105

Пекин қаласында болып өткен Ҳаял-қызлар бойынша Глобал жетекшилер мәжилиси гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыўға қаратылған халықаралық майдан сыпатында итибарға ийе болды. Бул илаж 30 жыл алдын, 1995-жылы Қытайда өткен БМШ Төртинши жәҳән ҳаял-қызлар конференциясының даўамы сыпатында шөлкемлестирилди. Әнжуманда қабыл етилген Пекин декларациясы ҳәм ҳәрекет платформасы ҳаял-қызлардың ҳуқықын қорғаў, гендер теңлик ҳәм социаллық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша дүнья көлеминдеги тийкарғы ҳүжжетке айланды.

Мәжилисте санлы теңсизлик, экономикалық имканият, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм қарар қабыл етиў процесиндеги қатнасы сыяқлы темалар додаланды. Саммитте ҚХР Баслығы Си Цзиньпин шығып сөйледи. Ол 2015-жылы БМШ минберинен де ҳаял-қызлардың раўажланыўы менен экономикалық раўажланыў үнлес болыўы керек екенлигин атап өткен еди.

Тараў ўәкиллериниң сөзлерине бола, соңғы жыллары дүнья бойлап ҳаял-қызлардың ҳуқықын қорғаў бойынша үлкен өзгерислер бақланған. Атап айтқанда, аналар өлими дәрежеси үштен бир бөлимге азайған. Көпшилик мәмлекетлердиң парламентинде ҳаял-қызлардың саны еки есеге артқан. 30 жыл алдын бары-жоғы 12 мәмлекетте 354 зорлыққа қарсы нызам бар еди. Ҳәзирги ўақытта болса 193 мәмлекетте жәми 1 583 гендер зорлыққа қарсы нызам қабыл етилген.

Қытайда да ҳаял-қызлар жоқары билимлендириў мәкемелери, илим тараўы ҳәм исбилерменликте белсенди. Мәмлекеттиң нызамшылығы ҳәм сиясий системасы ҳаял-қызлар ушын қолайлы орталық жаратады.

Хош, бул бағдарда Өзбекстанда ҳәзирги жағдай қандай? Халықаралық саммитте қатнасқан Өзбекстан делегациясы ўәкиллери тәрепинен усынылған мағлыўматқа бола, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында “Инсан қәдирин улығлаў” принципи тийкарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиздиң раўажланыў стратегиясында шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы бағдарлар тийкарғы мақсет сыпатында белгиленген. “Өзбекстан-2030” стратегиясында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў системасын күшейтиў, олардың ҳуқықы ҳәм нызамлы мәпин тәмийинлеў, соның ишинде, экономикалық белсендилигин арттырыў бойынша анық мақсетлер белгиленген Өзбекстан модели избе-из енгизилмекте.

Турақлы раўажланыў мақсетинде 2030-жылға шекем гендер теңликти тәмийинлеў стратегиясының әмелге асырылыўы себепли мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың үлеси 35 проценттен артты. Шаңарақ абаданлығында турақ жай менен тәмийинлеў, ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеў, жаслар, әсиресе, қызларды билимлендириўдиң барлық басқышларында қоллап-қуўатлаў, оларға кең имканиятлар жаратыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар нәтийжели системаға айланды. Бул бағдарда мәмлекетимизде Шаңарақ абаданлығына ерисиў миллий бағдарламасы ислеп шығылды.

Кейинги жыллары мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке көтерилди. Ҳаял-қызлардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы 54 процентке жетти. Бул процессте социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға мәмлекет тәрепинен айрықша жәрдемлер ажыратылып, мәмлекетлик грант еки есеге, жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар ушын квота бес есеге арттырылды.

Ҳаял-қызлар ушын процентсиз тәлим кредитлери енгизилип, магистратурада билим алыў төлеми мәмлекетлик бюджет есабынан, қайтарыў шәртисиз қаплап берилмекте. Соның нәтийжесинде жоқары оқыў орынларында магистрлердиң 64 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурамақта.

“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы әмелге асырылып, “Мәҳәлле кесиминде” ислеў системасы арқалы ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал исленбекте, ҳаял-қызлардың дәраматын арттырыў ушын зәрүр ресурслар ажыратылмақта.

Соның менен бирге, дүньяда елеге шекем 600 миллионнан аслам ҳаял-қызлар келиспеўшиликлер тәсиринде, 2 миллиардтан аслам ҳаял-қыз социаллық қорғаўсыз жағдайда жасамақта. Бул болса үзликсиз ҳәрекет, бирге ислесиў ҳәм аўызбиршиликти талап етеди. Ҳаял-қызлар өз келешегин белгилейтуғын ҳәм потенциалын толық жүзеге шығаратуғын дүнья қурыў – ҳәммемиз ушын улыўма мақсет. Усы мәнисте Пекиндеги әнжуман да ҳаял-қызлар ҳуқықы инсан ҳуқықының ажыралмас бөлеги екенин көрсетти.

Муҳайё Тошқорайева, Искандар Исматов (видео), ӨзА

Пекин, Қытай