«Зиёкор» мәҳәллесинде жаңа мектеп ашылды

Төрткүл районы «Зиёкор» мәҳәлле пуқаралар жыйынында жаңадан қурылған 77-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң заманагөй имараты пайдаланыўға тапсырылды.
«Зиёкор» мәҳәллесинде бүгинги күнге шекем мектеп жоқ еди. Сол себепли оқыўшылар қоңсы аймақлардағы билим бериў мәкемелерине қатнаўға мәжбүр еди. Жаңа мектептиң қурылыўы мәҳәлле балаларына өз үйлерине жақын, барлық зәрүрли инфраструктура ҳәм заманагөй шараятларға ийе болған мектепте билим алыў имканиятын жаратты.
Үш қабатлы билим мәсканы 660 орынға мөлшерленген. Кең ҳәм жақты спорт зал, стадион, асхана, китапхана, мәжилислер залы, компьютер ханасы ҳәм басқа да қолайлықлар оқыўшылар ықтыярында.
Бул мектеп ең заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, педагоглар ҳәм муғаллимлер ушын қолайлы және нәтийжели тәлим-тәрбия процесин тәмийинлеўге имкан берди.




Салтанатлы ашылыў мәресиминде район ҳәкимлиги басшылары, халық билимлендириў тараўы жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, жаңа имаратта жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
– Жаңа оқыў жылы басланыўы алдынан Президентимиз тәрепинен билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм тиллерди үйрениў потенциалын кеңейтиў мәселелерине бағышлап үш мәрте видеоселектор мәжилиси өткерилди. Жаңа мектебимиздиң қурылыўы Президентимиздиң усы тараўға болған жоқары итибарының бир көриниси болып табылады, – дейди 77-санлы мектеп оқытыўшысы Азиза Адамбоева. – Әсиресе, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгениниң 36 жыллығы қарсаңында пайдаланыўға тапсырылған бул мектеп тек балалар ҳәм муғаллимлер ушын емес, ал, пүткил мәҳәлле халқы ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги